Онда 300 ден аслам исбилермен қатнасып, бизнести раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалалар ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша усынысларын билдирди.
Сөйлесиў Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда тоқымашылық, фармацевтика, қурылыс, хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда жумыс алып барып атырған исбилерменлер қатнасты. Сондай-ақ, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ўәлаят шөлкемлериниң ўәкиллери, район ҳәм қала ҳәкимлери де қатнасты.
Исбилерменлер бизнести жүргизиў ҳәм кеңейтиў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў, қаржыландырыў, инфраструктура, жер ажыратыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша өзлериниң мүрәжат ҳәм усынысларын билдирди.
Мүрәжатлар жуўапкер басшылардың қатнасыўында көрип шығылды. Қосымша үйрениўди талап етпейтуғын мәселелер орнында шешилди. Қалған мүрәжатлар бойынша болса анық илажлар, орынлаў мүддетлери ҳәм жуўапкерлер белгиленди.
Ашықтан-ашық сөйлесиўден гөзленген тийкарғы мақсет исбилерменлик жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў, бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын зәрүр шараятларды жаратыўдан ибарат.