Кинематография агентлиги сапластырылып, кино тараўында мәмлекетлик сиясатты жүргизиў ўәкиллиги Мәденият министрлигине өткериледи.
Министрликте Кино көркем өнери департаменти шөлкемлестириледи. Департамент басшысының статусы министрдиң орынбасарына теңлестириледи.
Жуўапкерлерге бир айда департамент жумысын нәтийжели жолға қойыў, Кинематография агентлиги ҳәм оның системасындағы шөлкемлерди сапластырыўды тәмийинлеў тапсырылды.