Мақсет - мәдений өнимлер ҳәм хызметлер экспортын кеңейтиў, мәдений
жойбарларды шөлкемлестириў системасын жетилистириў, "Шарқ тароналари"
халықаралық музыка фестивалының абырайын және де арттырыў.
Мәденият министрлиги жанындағы "Халықаралық фестивальлар
дирекциясы" мәмлекетлик мәкемеси негизинде әмелдеги қаржыландырыў тәртибин
сақлап қалған ҳалда Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры жанында
"Мәдений жойбарлардың миллий операторы" мәмлекетлик мәкемеси шөлкемлестирилди.
Миллий операторға халықаралық ҳәм республикалық дәрежедеги мәдений
илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў шеңберинде төмендеги жеңилликлер ҳәм
преференциялар бериледи:
жәмийетлик
тәртипти тәмийинлеў, тез медициналық жәрдем ҳәм жол-патруль хызмети
хызметлеринен бийғәрез пайдаланыў;
Өзбекстанға алып
кирилетуғын үскенелер, сахна ҳәм техникалық қураллар, реквизитлер, музыкалық
әсбаплар, мәлимлеме-реклама материаллары, LED-экранлар, дронлар ҳәм басқа да
материаллық байлықларды 2030-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етиў.
Мега-илажларды
техникалық тәмийинлеў ушын дронлар ҳәм LED-экранларды алып кириўге, сақлаўға
рухсат берилген.
Келеси жылдан
баслап "Шарқ тароналари" халықаралық музыка фестивальы ҳәр еки жылда
бир мәрте өткериледи.
Тастыйықланған:
"Мәдений
жойбарлар миллий операторы" мәмлекетлик мәкемесиниң тийкарғы ўазыйпалары
ҳәм ҳуқықлары, сондай-ақ, оның жумысын қаржыландырыў дәреклери;
"Шарқ
тароналари" халықаралық музыка фестивалына таярлық көриў ҳәм оны өткериў
бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы ҳәм тийкарғы ўазыйпалары;
"Шарқ
тароналари" халықаралық музыка фестивалына таярлық көриў ҳәм оны өткериў
бойынша илажлар бағдарламасы;
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 21.07.2026-жылдан күшке кирди,
деп хабар бермекте "Norma" мәлимлеме-ҳуқықый порталы.