Илажда Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Европа
регионаллық бюросының директоры Ханс Клюге ҳәм ШБШ Бас хаткериниң орынбасары
Хан Сухел де қатнасты.
Миллий денсаўлықты сақлаў системаларын беккемлеў ҳәм саламат
келешекти қәлиплестириў бойынша биргеликтеги көзқарасларды раўажландырыў
мәселелери ушырасыўдың тийкарғы темалары болды. Қатнасыўшылар кеселликлердиң
алдын алыў, заманагөй емлеў усылларын енгизиў, медицина тараўын санластырыў
илажларын додалады.
Мәжилис шеңберинде делегациялар өз мәмлекетлериниң алдынғы
тәжирийбесин таныстырды, сондай-ақ, бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған бир
қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерди.
Атап айтқанда, Өзбекстан ўәкиллери Қытай, Беларусь,
Қазақстан ҳәм Қырғызстан делегациялары менен денсаўлықты сақлаў тараўындағы
бирге ислесиў мәселелерин додалады.