Бәринен бурын, сиз, әзизлерди кәсиплик байрамыңыз - Қурылыс тараўы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Усы қутлы әййямда қурылыс тармағы бүгин Жаңа Өзбекстанның заманагөй келбетин қәлиплестиретуғын әҳмийетли тараўлардан бирине айланып баратырғанын айрықша атап өтемиз. Себеби, елимизде абат қалалар, аўыл ҳәм мәҳәллелер, жаңа турақ жайлар, ири стратегиялық объектлер, заманагөй кәрханалар, социаллық ҳәм экономикалық инфраструктураларды қурыўды өз билим ҳәм шеберлигин көрсеткен қурылысшылардың пидәкерлик мийнетисиз, улыўма, қурылыс тараўының қатнасыўысыз көз алдымызға келтире алмаймыз.

Кейинги жыллары тараўды түп-тийкарынан реформалаў, оны экономикамыздың драйверлеринен бирине айландырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў, заманагөй қала қурылысы ҳәм санлы басқарыў принциплерин кеңнен енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Айтып өтиў керек, кейинги тоғыз жылда елимизде 210 миллион квадрат метрден аслам имарат ҳәм объектлер, соның ишинде, 647 мың квартиралы турақ жайлар қурылған болса, соннан 135 мыңы өткен жылы қурылған. Усы жылы және 140 мың жаңа квартираларды тапсырыў режелестирилген. 2040-жылға шекем қурылатуғын турақ жайлардың көлемин жылына 280 мың квартираға, "Жаңа Өзбекстан" массивлериниң санын болса 61 ден 120 ға жеткериў нийетиндемиз.

Быйылғы жылы сизлердиң тынымсыз мийнетиңиз бенен дүньяда сийрек ушырасатуғын руўхый-ағартыўшылық объектлер - Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий естелик комплекси, Бурханиддин Марғиноний атындағы туризм орайын қурыў ҳәм абаданластырыў жумыслары жуўмақланды.

Пайтахтымызда Жаңа Ташкент, Ташкент ўәлаятында Нурафшан, Әндижанда Бабур, Самарқандта Ширин, Хорезмде Ал-Хорезмий қалаларын қурыў сыяқлы ири жойбарлардың алдынғы инженерлик шешимлерди қолланыў ҳәм "жасыл" қурылыс принциплерин енгизиў тийкарында әмелге асырылып атырғаны мәмлекетимиз қала қурылысы тарийхында жаңа жарқын бет ашады.

Әзиз дослар!

Бүгинги күнде жәми 3 миллион 500 мыңнан аслам халық мийнет етип атырған қурылыс тармағы, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм түрлес тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Соңғы ўақытта қурылысқа рухсат алыў тәртип-қағыйдаларының саны 3 есеге, оларды рәсмийлестириў мүддетлери 4 есеге қысқартылды. "Ашық-айдын қурылыс" миллий мәлимлеме системасы тийкарында 24 заманагөй электрон платформа иске қосылып, тийкарғы басқарыў процесслерин санлы системаға өткериў имканияты жаратылды. Барлық қадағалаў процесслери де толық санластырылған.

Мәмлекетлик сатып алыўлар системасында электрон тендер платформасының енгизилгени де ашық-айдынлықты тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болды. Тараўда жасалма интеллект технологиялары жедел енгизилмекте.

Бул өзгерислердиң барлығы инсан факторының тәсирин азайтыў, коррупция қәўип-қәтерлерин сапластырыў ҳәм қабыл етилип атырған қарарлардың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе.

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Бүгин барлық тараўларда болғаны сыяқлы, қурылыс тараўын буннан былай да раўажландырыў, жумыслардың сапасын арттырыў бойынша алдымызда әҳмийетли ўазыйпалар тур. Оларды шешиў процесинде өз өмирин қурылыс, абатлық ҳәм абаданлық жолындағы ийгиликли иске бағышлаған тараў хызметкерлериниң кәсиплик билими, әмелий тәжирийбеси ҳәм маманлығын арттырыў, олардың мийнетин ҳәр тәреплеме хошаметлеў буннан былай да дыққатымыз орайында болады.

Сизлер өз кәсиплик миннетинизди терең аңлаған ҳалда, халқымыз ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы турмыс шараятын жаратыўға қаратылған уллы ўазыйпаңызды буннан былай да жоқары сапа ҳәм жуўапкершилик пенен орынлайтуғыныңызға исенемен.

Бәршеңизди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, дөретиўшилик жумысыңызда жаңа жетискенликлер тилеймен.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти