Усындай гезектеги ушырасыў Кегейли районында
өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай
Орынбаев бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа алынған, сондай-ақ, аўыр категориядағы
ҳәм белсенди жаслар менен ушырасты.
Дәслеп жаслар ушын бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы
шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, жаслардын басламаларын қоллап-қуўатлаў
бағдарында жаратылған шараятлар, берилген имканиятлар бойынша презентация
жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Атап өтиў орынлы, бул жаслар менен жақында Жоқарғы
Кеңес Баслығы ушырасып, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жақыннан
жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берген еди. Усы тийкарда 50
жастың үй шараятында ислеп шығарыў ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын
арнаўлы үскенелер алып келиў илажлары көрилмекте. Буннан тысқары, бәнтлик,
социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да турмыслық мәселелер шешилиўи нәзерде
тутылған.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда да жаслардың
пикир-усыныслары тыңланып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди ҳәм олардың
басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.