Елимизде суд-ҳуқық системасын реформалаў, әдил судлаўға болған исенимди беккемлеў, судлардың жумысында ашық-айдынлық ҳәм нызамлылықты тәмийинлеў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, суд системасында коррупция қәўип-қәтерлерин ерте анықлаў, мәплер соқлығысыўының алдын алыў ҳәм хызметкерлердиң кәсиплик жуўапкершилигин арттырыў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.
Буның ушын тек ғана судьялар емес, ал суд аппаратындағы 4 мың 800 ге шамалас хызметкердиң ҳадал жумысын тәмийинлеў мәселесине турақлы итибар қаратыў зәрүр.
Презентацияда судларда комплаенс қадағалаўды күшейтиўге қаратылған усыныслар додаланды.
Суд аппараты хызметкерлери арасында коррупцияның алдын алыў мақсетинде Жоқарғы суд структурасында Комплаенс қадағалаў хызметин шөлкемлестириў усыныс етилди.
Тиккелей Жоқарғы суд баслығына бойсынатуғын бул хызмет қурамында аймақлық судлардағы комплаенс инспекторлары да жумыс алып барады.
Комплаенс хызмети коррупция қәўип-қәтерлерин анықлаў, баҳалаў ҳәм олардың алдын алыў, себеплерин сапластырыў, сондай-ақ, хызметкерлердиң нызамшылық ҳәм кәсиплик этика қағыйдаларына әмел етиўин мониторинг етиў менен шуғылланады.
Презентацияда суд системасында коррупцияның алдын алыў бойынша басқа да бир қатар илажлар додаланды. Атап айтқанда, суд аппаратының қәўип дәрежеси жоқары болған лаўазымларының дизими тастыйықланып, қәўпи жоқары процесслерде санластырыў ҳәм инсан факторын азайтыў илажлары көриледи.
Судьялардың мәплер соқлығысыўы, дәраматлары ҳәм мүлки ҳаққындағы декларацияларды бериў ҳәм таллаўдың автоматластырылған электрон системасы енгизиледи. Тап усындай система суд аппараты хызметкерлери ушын да енгизиледи.
Сондай-ақ, коррупция, гүманлы схемалар ҳәм тәртипсизликке алып келиўши қәўип-қәтерлерди анықлаўға қаратылған электрон мәлимлеме системалары енгизиледи. Коррупция жағдайлары ҳаққында хабар берген хызметкерлерди қорғаў, пуқаралар ушын қәўипсиз байланыс каналларын жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
2026-жылдың ақырына шекем суд системасында коррупцияға шыдамлылық дәрежеси диагностика етиледи. Сондай-ақ, судьялыққа талабанларды таярлаў процесинде олардың жеке, кәсиплик сапалары ҳәм коррупция қәўип-қәтерлерине шыдамлылығын баҳалаў әмелияты енгизиледи.
Суд ислерин автоматикалық түрде бөлистириў бағдарламасы ислерди бөлистириў ҳәм қайта бөлистириў нормаларын анық белгилеў арқалы жетилистириледи, процесслердиң ашық-айдынлығы тәмийинленеди.
Сондай-ақ, суд аппаратына жумысқа қабыллаў системасы түп-тийкарынан жаңаланады. Ол ашық таңлаў, ашық-айдынлық тәртип-қағыйдалары ҳәм меритократия принциплери тийкарында шөлкемлестириледи. Талабанлардың кәсиплик, руўхый-әдеп-икрамлылық сыпатлары ҳәм инсаплылығын баҳалаў бойынша заманагөй система енгизиледи.
Хызметкерлер ушын мәплер соқлығысыўына алып келетуғын жумысларды әмелге асырыўды қадаған етиў, исбилерменлик жумысын әмелге асырыў, сырт елде есап бетлерин ашыў сыяқлы шеклеўлер нәзерде тутылады.
Презентацияда суд аппараты хызметкерлери ушын арнаўлы хызмет формасын енгизиў усынысы да көрип шығылды. Бул хызметкерлердиң жуўапкершилиги, тәртиби ҳәм әдеп-икрамлылық мәдениятын беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы суд системасында ашық-айдын, ҳадал ҳәм әдил орталықты беккемлеў халықтың суд қорғаўына исенимин арттырыўдың әҳмийетли факторы екенин атап өтип, усынысларды пуқта ислеп шығыў ҳәм комплаенс хызметине маман кадрларды тартыў зәрүр екенлигин атап өтти.