30-апрель күни усы жаңа балалар бақшасының ашылыў
мәресими болып өтип, оған район басшылары ҳәм аўыл турғынлары қатнасты.
Ашылыў мәресиминде район ҳәкими Б.Уббиниязов шығып
сөйлеп, мәмлекетимизде исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм
ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жумыс орынларын жаратыў
мәселелерине айрықша итибар қаратылып атырғанын айрықша атап өтип, елимиз
Президентине бундай ғамқорлықлары ушын үлкен рахмет айтты.
Буннан соң, илаж қатнасыўшылары жаңа имаратта балалар
ушын жаратылған қолайлықлар менен жақыннан танысып, бул бойынша өзлериниң
пикирлерин билдирди.
Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйынының ең шетки аймағы
есапланған «Бажбан» аўылында жаңа үй бақшасының иске түсирилиўи, бул бәринен
бурын аўыл балаларының заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы ушын оғада
әҳмийетли болды. Ҳәзирги ўақытлары бул жерде аўыл балалары белгиленген
талапларға тийкар тәлим-тәрбия алмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.