Саўаш майданларында мәртлик көрсеткен, фронт артында
пидайы мийнет еткен ҳәм бүгин арамызда саў-саламат жүрген ветеранларымыз биз
ушын тири әпсана ҳәм тарийх болып есапланады. Әлбетте, бул қорқынышлы урыс,
пүткил инсаният қатары, бизиң халқымызға да шексиз қайғы ҳәм жоғалтыўлар алып
келди. Сол ўақытта Беруний районында жасайтуғын 6200 адам урысқа жиберилген.
Соннан көпшилигине қайтып келиў, жеңис ләззетинен рәҳәтлениў несип етпеген.
Берунийли мәрт ҳәм батыр уллар Екинши жәҳән урысының ең қызғын мәҳәлинде душпан
менен мәртлерше гүресип, өз жанынан кешкен халық қаҳарманлары, олардың
хызметлери мүнәсип баҳаланып, бир қатар орденлер менен сыйлықланған.
Байрам мүнәсибети менен өткерилген илажды район ҳәкими
Икрам Хидиров қутлықлаў сөзи менен ашты. Илаж даўамында 1986-жыл 26-апрель күни
Чернобыль атом электр станциясында жүз берген апатшылық ҳәм усы апатшылық
ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан бир топар ўатанласларымызға арнаўлы көкирек
белгилери салтанатлы түрде тапсырылды. Аўған урысында қатнасқан
интернационалист жаўынгерлердиң естелиги еске алынды. Районлық мәденият бөлими
хызметкерлери тәрепинен театрластырылған сахналық көринислер қойып берилди.
“Ҳәсиретли ана” ҳәм “Аўған жаўынгер” естеликлерине гүллер қойылып, ҳүрмет
көрсетилди.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.