Улыўма қала ҳәм район басқышларында 5 мыңға шамалас
жаслар бул жарысқа қызығыўшылық билдирген болып, бул киберспортқа болған жоқары
қызығыўшылықты және бир мәрте тастыйықлады.
Жарыс даўамында командалар арасында кескин ҳәм
маўасасыз беллесиўлер болды. Турнир жуўмақларына бола, Dota-2 бағдарында да Cs2
бағдарында да жеңис Нөкис қаласы Туңғыш қоныс мәҳәллеси жасларына несип етти.
2-орынды Хожели районы Байтерек мәҳәллеси жаслары ийеледи. 3-орын ушын болған
беллесиўлерде болса, Шымбай районының командалары үстемлик етти.
Жеңимпазларды салтанатлы сыйлықлаў мәресими
шөлкемлестирилип, оларға диплом, сыйлық ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Киберспорт турнири жаслардың киберспортқа
қызығыўшылығын арттырыў, қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм оларды профессионал
дәрежеде раўажландырыўға хызмет етиўши әҳмийетли платформа сыпатында өз
әҳмийетин және бир мәрте көрсетти.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.