Көргизбе шеңберинде қусшылық ҳәм қарамалшылыққа
қәнигелескен, сондай-ақ, шарўашылық ушын арнаўлы конструкциялар ислеп шығарыўшы
компаниялардың басшылары менен сөйлесиўлер өткерилди.
Буннан тысқары, “Huayu Agricultural Science and
Technology Co., Ltd” басшылығы Қарақалпақстан Республикасында жумыс баслаў
имканиятларын үйрениў мақсетинде усы жылдың июнь айында Нөкис қаласына
баратуғынын билдирди. Сондай-ақ, “Chian Ningbo Guangyuan Investment Co., Ltd”
компаниясы басшысы Ву Бингхин менен Хожели районында шөлкемлестирилип атырған
«Жаслар социаллық-экономикалық орайы» шеңберинде жойбарларды әмелге асырыў
мәселелери додаланды.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша улыўма баҳасы 400 миллион
АҚШ долларына тең шәртнамаларға қол қойылды.
Сондай-ақ, “Shanghai Linkwise Data Intelligence Co.,
Ltd.” компаниясының баслығы Томас Ванг пенен баҳасы 3,5 миллиард АҚШ долларына
тең болған интеллектуаллық есаплаў орайын қурыў жойбары бойынша ушырасыў
өткерилип, онда жойбардың биринши басқышын усы жылдың 1-август сәнесине шекем
жуўмақлаў бойынша келисимге ерисилди.
Буннан кейин делегациямыз «Бир мәкан, бир жол» Қытай –
Өзбекстан шарўашылық бирге ислесиўи ҳәм алмасыўы бойынша конференциясында
қатнасты. Конференцияда шарўашылық, нәсилшилик, от-жем базасы, гөш импорты
мәселелери бойынша сөйесиўлер өткерилди.
Форум шеңберинде қала қурылысы ҳәм саўда-экономикалық
мәселелер бойынша әмелге асырылыўы зәрүр жойбарлар таңлап алынып, улыўма баҳасы
413 миллион АҚШ долларына тең шәртнамаларға қол қойылды.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.