Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги
Өзбекстан халық демократиялық партиясы депутатлық топары ағзасы Ҳамза
Абдижалиев, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңесиниң баслығы Сыдық Нурмамбетов,
“Экономика колледжи” басланғыш партия шөлкеми ағзалары ҳәм белсене жаслар
қатнасты. Илажда депутат Ҳ.Абдижалиев тарепинен бүгинги күни мәмлекетлик
сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болған жаслар менен ислесиў системасы
ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди. Атап айтқанда, елимизде әмелге асырылып
атырған кең көлемли реформалар, жаслардың сапалы билим алыўы, кәсип-өнер
ийелеўи ҳәм өз бизнес басламаларын әмелге асырыўы ушын жаратылған
жеңилликлердиң әҳмийетине тоқталып өтти.
Сондай-ақ, депутат өз сөзинде сиясий партиялар ҳәм
депутатлық корпусы тәрепинен жаслардың ҳуқықый мәплерин қорғаў, оларды
мәмлекетлик басқарыў ислерине кеңнен тартыў бағдарында алып барылып атырған
жумысларды ҳаққында айтып берди.
Илаж соңында бир топар белсенди жаслар депутатқа
өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша мүрәжат етип, оларға тийисли жуўаплар
алды.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.