Ерлер арасында өткерилген жарыстың екинши басқышында
өзбекстанлы велоспортшы Никита Светков жеңимпаз болды. Ол 141 км аралықты 3
саат 25 минут 41 секундта басып өтип, финиш сызығын биринши болып кесип өтти.
Басқыш жуўмақларына бола, әйне Светковтың нәтийжеси ең жақсы
болып, ол пүткил турнир жеңимпазы болды.
Екинши орынды испаниялы Хуан Лосано, үшинши орынды беларуслы
Роман Тишков ийеледи.
«Fergana
Grand Prix» турнири ўәлаяттағы велососпорт жарыслары календарьындағы
әҳмийетли халықаралық стартлардан бири болды.