Ферғана ўәлаяты өзиниң бай футбол дәстүрлери ҳәм талантлы футболшылары менен кеңнен танылған.

Атап айтқанда, 1962-жылы шөлкемлестирилген "Нефтчи" футбол клубы Өзбекстан Жоқары лигасының 6 мәрте чемпионы, еки мәрте мәмлекет кубоги ҳәм Суперкубогы ийеси есапланады. Буннан тысқары, клуб 1994-жылы ҒМДА кубогиниң финалшысы, 1994-1995-жыллары Азия Чемпионлар лигасының бронза медалын қолға киргизген.

Ўәлаятта талантлы жас футболшыларды таңлап алыў ҳәм таярлаў, маман тренерлер резервин қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар бүгин де әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, профессионал футбол клублары жанындағы академияларды раўажландырыўға қаратылған илажлар нәтийжесинде 2025-жылы "Нефтчи" балалар футбол академиясы шөлкемлестирилди.

4,5 гектардан аслам майданды ийелеген академияда 150 ден аслам жас спортшы билим алыўы мүмкин. Бул жерде 6 үлкен ҳәм киши футбол майданы, заманагөй медициналық ҳәм реабилитациялық үскенелер менен тәмийинленген физиотерапия бөлими жумыс алып бармақта.

Академияда 1,1 миллион доллар қаржы есабынан жасалма қапламалы, ҳаўа гүмбезли жабық футбол манежи қурылды.

Футболды жәҳән стандартлары дәрежесинде раўажландырыў, талантлы жасларды анықлаў мақсетинде бул жерге УЕФА инструкторлары ҳәм басқа да сырт ел қәнигелери мирәт етилген.

Президент Шавкат Мирзиёев академияда футболшылар ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди, жаслар менен сәўбетлесип, олардың шынығыўларын бақлады.