Усы жылы “Өзбекнефтьгаз” АЖ жумысын жетилистириў, сатып алыўлар ҳәм өндириске байланыслы мәселелерди шешиўге қаратылған еки қарар қабыл етилди.
Презентацияда усы қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў, тәбийий газ қазып шығарыў көрсеткишлери және жылдың ақырына шекем әмелге асырылыўы мөлшерленген илажлар көрип шығылды.
Газ резервлерин көбейтиў мақсетинде геология-излеў жумыслары кеңейтилмекте. Соның ишинде, усы жылы 3D сейсмикалық излеў жумысларының көлемин өткен жылға салыстырғанда 5 есеге арттырыў режелестирилмекте. Жылдыӊ басынан бес жаңа газ кәнлери ашылды, аймақларда 6000 метрге шекем ҳәм оннан артық тереңликлерге 80 қудық бурғыланған болса, төртинши шеректе усы қудықлардан және 40 ын бураўлаў режелестирилген.
Перспективалы майданларды, әсиресе, Үстирттиң үлкен тереңликтеги қатламларын үйрениў, жаңа кәнлерди өзлестириў ҳәм қудықлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша режелер таныстырылды.
Усы мақсетлерде бураўлаў жумысларын жаңа басқышқа алып шығыў, процесслерге заманагөй технологиялық шешимлерди алып кириў үлкен әҳмийетке ийе.
Сол себепли ҳәзирги ўақытта Үстирт аймағында сырт елли шериклер менен биргеликте жаңа қудықларды бураўлаў, геофизикалық мағлыўматларды қайта таллаў ҳәм газ қазып алыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.
Презентацияда “Өзбекнефтьгаз” АЖ ҳәм оның қарамағындағы ири кәрханалардың финанслық нәтийжелери де талланды. Усы жылдың тоғыз айының жуўмағы менен кәрханалардың жыйналған сап пайдасы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өскен, ал, кредит портфелин оптималластырыў нәтийжесинде қарыздарлық азайған, жоқары процентли кредитлердиң шәртлерин қайта көрип шығыў арқалы процент қәрежетлерин үнемлеўге ерисилген.
Презентация шеңберинде газ транспорт системасының өткериўшеңлик қуўатлылығын арттырыўға байланыслы жойбарларға айрықша тоқтап өтилди. Онда жаңа магистраль газ қубырларын қурыў, компрессор станцияларын модернизациялаў сыяқлы илажлар қамтып алынады.
Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы, сондай-ақ, айырым станцияларда заманагөй электр двигательлерин иске қосыў, газ жеткерип бериў турақлылығын арттырыў ҳәм жылына 125 миллион куб метр газди үнемлеў имканиятын береди. Усы мүнәсибет пенен оларды әмелге асырыўды қаржыландырыў дереклери бойынша усыныслар да көрип шығылды.
Презентацияда “Ғәрезсизликтиң 25 жыллығы” кәнинде жүзеге келген аварияны сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтилди. Бул жумысларға Қытайдың қәнигелескен компаниясы тартылған болып, ҳәзирги ўақытта арнаўлы техника ҳәм үскенелер жумыс орнына мобилизацияланбақта, қудықларды бураўлаў орынларында таярлық жумыслары алып барылмақта.
Аварияны сапластырыў процесиниң барлық басқышларында қәўипсизлик талапларына қатаң әмел етилиўин тәмийинлеў ең әҳмийетли мәселелерден бири екени атап өтилди.
Презентацияда және бир ири жойбар – Ферғана нефтьти қайта ислеў заводында өндиристи көбейтиў ҳәм оны финанслық жақтан саламатландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша да мәлимлеме берилди.
Ҳәзирги ўақытта заводта тийкарғы технологиялық қурылмалар оңланғаны нәтийжесинде дизель жанылғысын ислеп шығарыўды 30 процентке, битум 60 процентке, авиакеросин болса 5 есеге арттырыўға ерисилген.
Келешекте заводты шийки зат пенен турақлы тәмийинлеў, бар қуўатлықлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм қарыздарлықты азайтыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылады. Жылдың ақырына шекем заводтың жүклемеси 40 проценттен 65 процентке жеткериледи ҳәм кейин ала арттырып барылады.
Мәмлекетимиз басшысы геология-излеў ҳәм бураўлаў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, ири жойбарларды пуқта есап-санақ ҳәм анық қаржыландырыў дереклери тийкарында алып барыў, тармақ кәрханаларының жумысында нәтийжелиликке айрықша итибар бериў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.