Жаңа жөнелис Ташкент ҳәм Измир арасындағы биринши тиккелей
турақлы авиақатнаў болып, Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы туристлик,
исбилерменлик ҳәм мәдений сапарлар ушын имканиятларды кеңейтеди.
Uzbekistan Airports компаниясы ушын SunExpress
рейслериниң жолға қойылыўы әҳмийетли ўақыя болып есапланады. Авиакомпания
Өзбекстан базарына биринши мәрте кирип келмекте ҳәм Түркияның республикамызға
турақлы пәрўазларды әмелге асырып атырған үшинши авиакомпаниясы болады.
Буннан тысқары, SunExpress 2027-жылдың басынан Ферғана
ойпатлығы аэропортларына турақлы рейслерди ашыў имканиятын көрип шықпақта, бул
болса еки мәмлекет арасындағы авиақатнаўларды және де кеңейтиў имканиятын
береди.
Ҳәзирги ўақытта Түркия ҳәм Өзбекстан арасында турақлы
рейслерди Turkish Airlines миллий авиакомпаниясы ҳәм AJet
авиакомпаниясы әмелге асырмақта. Түркияның және бир ири авиакомпаниясының
базарға кирип келиўи халықаралық авиакомпаниялардың Өзбекстан авиация базарына
қызығыўшылығы артып атырғанынан дәрек береди ҳәм мәмлекетимиздиң жөнелис
тармағын раўажландырыўға хызмет етеди.
SunExpress - Түркияның ең ири лоукостерлеринен
бири. Компания 1989-жылы Turkish Airlines ҳәм Lufthansa
биргеликтеги жойбары сыпатында шөлкемлестирилген. Авиакомпания Анталия ҳәм
Измир қалаларында жайласқан болып, Европа, Жақын Шығыс, Арқа Африка ҳәм Орайлық
Азияның 37 мәмлекетине 250 ден аслам жөнелис бойынша турақлы пәрўазларды әмелге
асырады.