U17 категориясында Өзбекстан сайланды командасының 16 ўәкили (10 жигит ҳәм 6 қыз) барлық қатнасыўшы мәмлекетлер арасында ең жақсы нәтийжени көрсетип, финалға жолламаны қолға киргизди.
Екинши орында қурамында 11 финалшы болған Қазақстан сайланды командасы, үшликти 9 спортшысы финалға шыққан Ҳиндстан командасы жуўмақламақта.
Атап өтилиўинше, U15 категориясында да Өзбекстан сайланды командасы финалшылар саны бойынша жетекши болды - 21 боксшы шешиўши беллесиўлерде қатнасады.
Бүгин турнирде дем алыс күни жәрияланды. U15 категориясындағы финал беллесиўлери 14-май күни, U17 категориясындағы беллесиўлер болса 15-май күни болып өтеди.