Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасындағы айрықша
стратегиялық шериклик қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары
додаланып, санлы трансформация, жасалма интеллект технологияларын енгизиў,
электрон ҳүкимет системасын жетилистириў ҳәм бул тараўда нызамшылықты
раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Климат өзгериўи ақыбетинде жүзеге келип атырған тәбийғый апатшылықлар ҳәм
айрықша жағдайлардың алдын алыў және оларға оператив жуўап қайтарыў бағдарында
еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда Корея тәжирийбеси тийкарында айрықша
жағдайлардың алдын алыў, халықты эвакуациялаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге
қаратылған санлы технологияларды аймақлар ҳәм мәҳәллелер дәрежесинде енгизиў
имканиятлары ҳаққында пикир билдирилди. Онда жергиликли Кеңеслер депутатларының
әмелий жойбарларды орынларда нәтийжели әмелге асырыўдағы әҳмийети атап өтилди.
Сөйлесиў
даўамында мәмлекетимиздеги корейс диаспорасының еки халық арасында дослық ҳәм
мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеўдеги әҳмийетли орны айрықша атап
өтилди. Сондай-ақ, 2027-жылы корейс диаспорасы Өзбекстанда жасап атырғанының 90
жыллығы кеңнен белгилениўи атап өтилди.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер парламентлераралық ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди
буннан былай да кеңейтиў арқалы өз-ара пайдалы баслама ҳәм жойбарларды
қоллап-қуўатлаў және әмелий шерикликти избе-из даўам еттириўге таяр екенлигин
билдирди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.