Ҳәзирги ўақытта денсаўлықты сақлаў тараўында 2,7 миллиард долларлық 35 инвестициялық жойбардан ибарат портфель қәлиплестирилген. Олар жаңа қәнигелестирилген орайларды ҳәм көп тармақлы емлеўханаларды қурыў, бар медицина мәкемелерин үскенелеў ҳәм заманагөй кадрлар таярлаўды өз ишине алады.
Жаңа медицина мәкемелерин қурыў ҳәм барларын модернизациялаўда олардың жайласыўы, қуўатлылығы ҳәм хызмет түрлери халықтың талабына сай болыўы әҳмийетли. Презентацияда усы тийкарда инвестициялық жойбарларды қәлиплестириў, оларға жеке меншик секторды тартыў, медицина мәкемелерин басқарыўдың жаңа усылларын енгизиў мәселелерине итибар қаратылды.
Атап айтқанда, Миллий онкология орайы, Республикалық неврология ҳәм инсульт орайы, Ташкент ўәлаятында жасы үлкенлер ушын көп тармақлы медицина орайы, Қашқадәрья ўәлаятында жаңа емлеўханалар және Нөкис қаласындағы аналар ҳәм балалар орайын қурыў, Термиз қаласында медициналық билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик модели тийкарында Самарқанд қаласында 800 орынлық емлеўхана, Бухара ўәлаятында көп тармақлы медицина мәкемесин шөлкемлестириў режелестирилген.
Презентацияда усы жойбарлар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Буннан тысқары, улыўма баҳасы 1 миллиард доллар болған тоғыз перспективалы жойбар бойынша усыныслар қәлиплестирилген. Олар неврология ҳәм инсульт, руўхый саламатлық ҳәм наркология хызметлери, балалар онкологиясы ҳәм гематологиясы инфраструктурасын раўажландырыў, қыстаўлы медициналық жәрдемди жетилистириў, оның автопаркин жаңалаў ҳәм медицина кадрларын таярлаўды қамтып алады.
Келешекте медицинаға инвестиция тартыў денсаўлықты сақлаў инфраструктурасының мастер-режеси менен байланысады. Усы тийкарда 2040-жылға шекем мөлшерленген инвестиция стратегиясын ислеп шығыў усыныс етилди. Бәринен бурын, әмелдеги жойбарлар хатлаўдан өткерилип, олардың әҳмийетлилиги ҳәм әмелге асырыў имканиятлары баҳаланады. Кейин аймақлардың талабына сай жойбарлар таңланып, олардың инвестициялық паспортлары ҳәм бирден-бир портфели қәлиплестириледи. Стратегия жеке меншик инвесторлар, халықаралық финанс институтлары ҳәм донорлар менен ислесиўде тийкарғы бағдарларды белгилеп береди.
Медицина мәкемелериниң жумысына жеке меншик секторды тартыўдың әҳмийетли бағдары – аутсорсинг. Келеси жылдан әмел ететуғын жаңа тәртипке бола, мәкемелер айырым медициналық ҳәм жәрдемши хызметлерди жеке меншик шөлкемлерден сатып алыўы мүмкин болады. Онда хызмет көрсетиўши менен узақ мүддетли шәртнама дүзиў, хызметтиң көлемин ҳәм сапасын алдыннан белгилеў, нәтийжени анық өлшемлер тийкарында баҳалаў усыныс етилмекте. 2030-жылға барып хызметлерди сатып алыўда аутсорсингтиң үлесин 30 процентке жеткериў мақсет етилген.
Бул процессти ашық-айдын жүргизиў ушын “Медициналық аутсорсинг” электрон системасын енгизиў режелестирилген. Онда хызметлер, орынлаўшылар ҳәм шәртнамалардың бирден-бир реестри жүргизилип, көрсетилген хызметтиң көлеми, сапасы ҳәм төлемлер бақлап барылады. Системаны мәмлекетлик сатып алыўлар менен байланыстырыў да нәзерде тутылмақта.
Ири медициналық шөлкемлерге профессионал басқарыўшыларды тартыў мәселеси де додалаў орайында болды. Оларды ашық таңлаў тийкарында таңлап алыў ҳәм жумысын ҳәр жылы белгиленген нәтийже көрсеткишлери бойынша баҳалаў нәзерде тутылған. 2030-жылға шекем бес ири мәкемеде усындай басқарыўды жолға қойыў режелестирилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы тараўдың инвестициялық стратегиясы ҳәм усынылған жойбарларды мастер-реже тийкарында пуқта ислеп шығыў, әмелдеги жойбарларды жеделлестириў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.