Наўайы мийрасы тек ғана өзбек халқына емес, ал пүткил инсаниятқа тийисли.
Оның өзине тән турмыс энциклопедиясына айланған шығармалары көплеген әўладларды
илҳамландырып, изертлеўшилер, әдебият ықласбентлери ҳәм Шығыстың бай руўхый дүньясын
тереңирек үйрениўге умтылып атырған барлық инсанлар ушын билим дәреги болып
хызмет етпекте.
Тбилиси қаласында Әлийшер Наўайы естелигиниң ашылыўы Өзбекстан - Грузия
мәдений байланыслары тарийхында және бир әҳмийетли ўақыя болды. Халықларымызды
әзелден саўда жоллары, өз-ара ҳүрмет ҳәм бир-бириниң бай мийрасына қызығыўшылық
бирлестирип келген.
Өзбекстанда уллы
грузин шайыры Шота Руставелидиң атына үлкен ҳүрмет пенен қарайды. Ташкент
қаласының орайлық көшелеринен бирине оның аты берилген, бул жерде грузин
әдебиятының белгили классиги естелиги орнатылған. Өз гезегинде, усы жылы
Тбилистиң орайлық бағларынан бирине Әлийшер Наўайы аты берилди.
Кейинги жылларда
Өзбекстан менен Грузия арасындағы мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў жаңа
басқышқа көтерилди. Тбилисиде Өзбекстан мәденияты ҳәм кино күнлери, Ташкентте
Грузия мәденияты күнлери табыслы өткерилди.
Мәресимде Әлийшер
Наўайы дүнья әдебиятының уллы ўәкили екени, оның бийбаҳа дөретиўшилиги әсирлер
даўамында адамларды инсаныйлық, ағартыўшылық, данышпанлық ҳәм өз-ара ҳүрметке
шақырып киятырғаны атап өтилди.
Тбилиси
қаласындағы Әлийшер Наўайы естелиги Өзбекстан ҳәм Грузия халықлары арасындағы
беккемленип атырған дослық байланысларының және бир айқын белгиси болатуғынына
исеним билдирилди.