Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларды жақынласып киятырған кәсиплик байрам менен қутлықлап, инсан саламатлығын сақлаў жолындағы мийнети ушын миннетдаршылық билдирди.
– Шаңарағының бахтын көриў, ҳадал мийнет етип, арзыў-нийетлерине ерисиў, өмирин мазмунлы өткериў ушын адамға, бәринен бурын, денсаўлық керек. Соның ушын, инсан саламатлығын сақлаўды реформаларымыздың ең әҳмийетли бағдарларынан бири етип белгиледик, – деди Президентимиз.
Соӊғы он жылда 10 миллион адамға хызмет көрсететуғын жаңа поликлиника ҳәм емлеўханалар иске қосылды, 58 мың емлеў орны жаратылды. Заманагөй мәкемелердиң көбейиўи ҳәм жеке меншик сектордың раўажланыўы нәтийжесинде медициналық хызметлердиң көлеми үш есеге артты. Бурын тек ғана сырт елде орынланған туўма жүрек нуқсанларын емлеў, ағзалар трансплантациясы, робот хирургиясы ҳәм бас мийдеги қурамалы операциялар сыяқлы жүзден аслам хызмет бүгин елимизде көрсетилмекте.
Фармацевтика өнимлерине талаптың 70 процентин ишки имканиятлар есабынан қаплаў мақсет етилген. Соӊғы жыллары тараўда 1 миллиард долларлық 330 жаңа фармацевтика қуўатлылығы иске қосылды. Аймақларда фармацевтика еркин экономикалық зоналары шөлкемлестирилип, оларда 1 миллиард 200 миллион долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Президентимиз бул өзгерислерде 800 мыңнан аслам медицина ҳәм фармацевтика хызметкериниң мүнәсип үлеси бар екенлигин атап өтти. Жақында тараў пидайыларының бир топарын мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў ҳаққында пәрманға қол қойылды. Ушырасыўда орден ҳәм медальлар өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды.
Мәмлекетимиз басшысы инсан саламатлығын сақлаў, алдынғы илимий қолланбалар ҳәм емлеў усылларын енгизиўде басқаларға өрнек болып атырған медицина хызметкерлери ушын “Ибн Сино” орденин шөлкемлестириўди усыныс етти.
Ушырасыўда бирлемши медициналық жәрдемниӊ сапасын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Бул бағдарда 28 районда сынақтан өткерилген жаңа система шеңберинде 7 миллион адам шаңарақлық шыпакерлерге атпа-ат бириктирилди. Лабораториялар иске қосылды, шыпакер ҳәм мийирбийкелер оқытылды, наўқаслардың медициналық жәрдем алыў тәртиби белгиленди. Кепиллик берилген медициналық хызметлер топламы шеңберинде амбулатор наўқасларға 69 түрдеги дәри-дәрмақ бийпул берилмекте. Бул модель келеси жылдан және 100 районда енгизиледи.
Кеселликлердиң алдын алыў ҳәм оларды ерте анықлаў жумыслары да кеңейтиледи. Асқазан, жуўан ишек, простата бези ҳәм өкпе рагын ерте анықлаў жумыслары Самарқандтан басланып, 2028-жылдан барлық аймақларда жолға қойылады. Қантлы диабет, туберкулёз, жүрек-қан тамыр кеселликлери, ҳаял-қызлардағы өспелер ҳәм балалардағы онкогематологиялық кеселликлерди ерте анықлаў бағдарламалары даўам еттириледи.
Бес аймақта инфаркт ҳәм инсультти ерте анықлаў ҳәм емлеў бағдарламасы нәтийжесинде бул кеселликлерден ерте өлим бес айда 15 процентке азайды. Кеселлик басланған “алтын саат”та 855 адам ерте өлим ҳәм майыплық ақыбетлеринен сақлап қалынды.
Келеси жылы бағдарлама менен барлық район ҳәм қалалар қамтып алынады. Халық ушын бийпул берилетуғын дәри қуралларының түри 73, медициналық тексериўлердиң түри 36 ға жеткериледи.
Тараўда билимлендириў, қурылыс, санитариялық-гигиеналық, наўқаслардың қәўипсизлиги ҳәм хызметкерлердиң мәдениятын қамтып алатуғын “Жаңа Өзбекстан медицина стандартлары” енгизиледи. Басланғыш буўын хызметкерлери басқышпа-басқыш арнаўлы кийим-кеншек пенен бийпул тәмийинленеди. Ең жақсы шыпакер ҳәм мийирбийкелерди хошаметлеў кеңейтилип, ўәлаят басқышында жеңимпаз болған 14 шыпакер электромобиль менен сыйлықланады. Саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлайтуғын ең жақсы он жойбардыӊ авторына 200 миллион сумнан грант бериледи.
Медициналық хызметтиң сапасы, бәринен бурын, кадрлардыӊ таярлығына байланыслы екенлиги атап өтилди.
– Қанша заманагөй клиникалар қурмайық, ең соңғы үскенелерди алып бермейик, маман хызметкерлерсиз нәтийже болмайды, – деди Президентимиз.
Ҳәзир 11 мәмлекетлик жоқары оқыў орнында жылына 15 мың шыпакер таярланбақта. Келеси жылдан студентлер ҳәптеде үш күн наўқас пенен ислесиўди үйренеди, питкериўшилер болса ақырғы оқыў жылын толық медицина мәкемесинде әмелиятта өткереди. Бакалавриатты питкерген мийирбийке ҳәм медицина басшысына 1,5 миллион сум, магистратураны питкергенлерге 2,5 миллион сум қосымша үстеме төленеди. 2027-жылдан тар тараў қәнигеликлери бойынша резидентурада оқыў бийпул болады.
Медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыўға жеке меншик сектор да тартылады. Басланғыш буўын ҳәм районлардағы хызметкерлердиң оқыў қәрежетлери мәмлекет тәрепинен қапланады. Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў системасы келеси жыл 1-июльден дәслеп ықтыярый тийкарда жолға қойылып, 2030-жылдан мәжбүрий болады. Дизимнен өткен шыпакер, фармацевт ҳәм мийирбийкелерге үстеме төленеди.
Жаңа медициналық мәкемелер халықтың саны ҳәм аймақлардың жайласыўынан келип шығып, мастер-реже тийкарында шөлкемлестириледи. Мәмлекетлик емлеўханаларда исбилерменлерге заманагөй үскенелер орнатыў ушын орын ажыратылып, көрсетилген хызметлерге қамсызландырыў системасы арқалы ҳақы төленеди. Гемодиализ, лаборатория, стерилизация, реабилитация ҳәм физиотерапия хызметлерин жеке меншик сектордан сатып алыў кеңейтиледи.
Келеси жылы ҳәр бир аймаққа кеминде 150 миллион доллар инвестиция ҳәм грант тартыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Геномика, клетка ҳәм биотехнологиялардың раўажланыўы менен бирге медициналық изертлеўлерде инсан ҳуқықларын қорғаў зәрүрлиги атап өтилди.
– Инсанныӊ өмири ҳәм денсаўлығы менен байланыслы изертлеўлерде оның ҳуқықы, разылығы ҳәм қәдири биринши орында турыўы шәрт, – деди Президентимиз.
Бул ушын биоэтика ҳәм биотехнология тараўларының ҳуқықый тийкарлары беккемленеди. Гарвард медицина мектеби менен биргеликте нәсиллик кеселликлер бойынша қәнигелер таярланып, генетикалық тексериў енгизиледи.
Қәнигелескен орайлардың тәжирийбесин аймақларға жеткериў мақсетинде хирург, анестезиолог, реаниматолог, ассистент ҳәм мийирбийкелерден ибарат бир пүтин топарлар орынларға жибериледи. Аймақлардағы медицина топарлары болса орайларда үш-төрт айлық стажировкадан өтеди.
Келеси жылдан 26 қәнигелескен орай директоры менен бир жыллық контракт дүзиледи. Олардың жумысы тараўдағы жаңалықлар, төменги буўын хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм илимий нәтийжелерди әмелиятқа енгизиўге қарап баҳаланады. Емлеўхана ҳәм поликлиникалардың жумысына халықтың өзи баҳа беретуғын механизм жолға қойылады. Шыпакер ҳәм мийирбийкелердиң мийнет ҳақысын белгилеўде халықтың медициналық хызметтен қанаатланыў дәрежеси тийкарғы өлшем болады.
Келеси жылдан кардиология, гепатология, офтальмология ҳәм гематология сыяқлы бағдарларда он жасалма интеллект системасы иске қосылады.
Шыпакерлер ассоциацияларының жумысын жанландырыў, олардың басшыларын ағзалар тәрепинен еки-үш жылға сайлаў системасына өтиў зәрүр екенлиги де атап өтилди.
Ушырасыўда медицина хызметкерлерин социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары жәрияланды. Тараўда кеминде 15 жыл ислеген хызметкерлердиң ипотека кредитиниң бир бөлегин қаплаў ушын 50 миллиард сум ажыратылды. Келеси жылы усы имканият арқалы мың медицина хызметкери жаңа турақ жайға көшип өтеди. Ҳәр жылы 500 жас хызметкердиң ипотека кредити басланғыш төлеминиң 25 проценти қапланады. Алыс аймақларда ислейтуғын шыпакерлердиң айлық қосымша үстемеси 4,5 миллион сумға арттырылып, ол жерде жумыс баслағанларға 50 миллион сум бир мәртелик хошамет пулы бериледи.
Сырт ел клиникаларында тәжирийбе арттырған ўатанлас шыпакерлерди мәмлекетимизге тартыў ушын да жаңа система жолға қойылады. Оларға 50 миллион сумға шекем айлық үстеме төленеди, заманагөй үскенелер менен тәмийинленген жумыс орны ҳәм өз жәмәәтин қәлиплестириў имканияты жаратылады.
Ушырасыўда тараў ўәкиллериниң усыныслары ҳәм басламалары тыңланды. Жуўапкерлерге белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәм билдирилген усыныслар үстинде биргеликте ислеў бойынша тапсырмалар берилди.
– Мен бир нәрсени сорайман: ҳәр бир медицина хызметкери өзине сораў берсин – бүгин инсан саламатлығы ушын кешегиден көре көбирек не ислей алдым? Егер ҳәр биримиз усы сораўға жуўап излеп ислесек, медицинамызда да, халқымыздың саламатлығында да үлкен өзгерислер болады, – деди Президентимиз сөзиниӊ жуўмағында.