Кейинги жылларда Президентимиз Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның исенимли сиясий ерк-ықрары ҳәм ҳәрекетлери себепли еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў жедел пәтлер менен раўажланып, Өзбекстан ҳәм Түркия стратегиялық шериклиги сапа жағынан жаңа, жоқары басқышқа көтерилди.

Сиясий, экономикалық, саўда, мәдений-гуманитарлық ҳәм парламентлераралық бирге ислесиў, улыўма барлық тараўларда мисли көрилмеген нәтийжелерге ерисилмекте. Парламентлеримиз арасындағы тығыз сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў халықларымыз арасындағы әзелий туўысқанлық байланысларын және де беккемлеўге хызмет етпекте.

Әсиресе, мәмлекетимиздиң ашық-айдынлық, прагматизм ҳәм өз-ара мәпдарлық принциплерине сүйенген сыртқы сиясаты Өзбекстан-Түркия бирге ислесиўиниң жаңа қырларын ашып, оның көлемин ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға кең жол ашты.

Кейинги жылларда барлық дәрежелердеги жедел ҳәм ашық сөйлесиўлер избе-из раўажланып, өз-ара бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилмекте. Атап айтқанда, товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми, қоспа кәрханалар ҳәм авиақатнаўлар саны турақлы артып бармақта. Бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша турақлы түрде қоспа илажлар шөлкемлестирилип, өз-ара пайдалы байланысларды буннан былай да кеңейтиў ҳәм әмелий нәтийжелиликти тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Бүгинги күнде елимизде Түркия капиталының қатнасыўындағы 2,2 мыңнан аслам компанияның табыслы жумыс алып барып атырғаны еки мәмлекет арасындағы экономикалық бирге ислесиў барған сайын кеңейип, беккемленип атырғанының айқын көриниси болып есапланады. Итибарлысы, бул шериклик тек ғана инвестициялық байланысларды раўажландырыў менен шекленип қалмай атыр. Ол жаңа жумыс орынларын жаратыў, алдынғы билим ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў, өндирис тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў ҳәм жергиликли қәнигелердиң кәсиплик потенциалын арттырыўға да мүнәсип үлес қоспақта.

Мәмлекетимиз басшысының Түркия Республикасы Президентиниң мирәт етиўине бола усы жылы 29-30-октябрь күнлери усы мәмлекетке әмелий сапары мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди жаңа дәрежеге алып шығыўда әҳмийетли басқыш болыўы менен бирге, барлық тараўлардағы бирге ислесиўди және де тереңлестириўге хызмет етеди.

Президентимиздиң Түркия жетекшиси менен ушырасыўы ўақтында Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Бул, өз гезегинде, саўда-экономикалық байланысларды жеделлестириў, өз-ара инвестициялар көлемин арттырыў, жаңа қоспа жойбарларды турмысқа енгизиў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ушын әҳмийетли тийкар жаратады.

Анкара қаласындағы сөйлесиўлердиң жуўмағында қол қойылған Бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша жоқары дәрежедеги кеңести шөлкемлестириў ҳаққындағы келисим шын мәнисинде, Өзбекстан ҳәм Түркия арасында исбилерменлик байланысларын беккемлеў, исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў, өз-ара инвестицияларды көбейтиў ҳәм биргеликтеги бизнес жойбарларын әмелге асырыўға тийкар жаратады.

Көп қырлы ҳәм узақ мүддетли шерикликтиң ҳәр қыйлы бағдарларын қамтып алған еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы болса саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиў, исбилерменлик субъектлери ушын жаңа имканиятлар жаратыў, инвестициялық бирге ислесиўди хошаметлеў, еки мәмлекет пуқараларының социаллық ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаўға хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Сапар етиў шеңберинде мәмлекетимиз басшысы Анкара қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезектеги саммитинде қатнасып, түркий мәмлекетлер арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, өз-ара байланысларды беккемлеў ҳәм шөлкем жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды.

Бүгинги күнде Өзбекстан Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм оны әмелий нәтийжелер менен байытыўға айрықша итибар қаратпақта. Бул бағдарда экономика, инвестиция, транспорт, логистика ҳәм инновациялар тараўларындағы байланысларды кеңейтиў, сондай-ақ, регионаллық турақлылықты беккемлеўге қаратылған басламалар алға қойылмақта. Булардың барлығы туўысқан мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар ашпақта.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2019-жылдан берли жүзден аслам баслама алға қойылған болып, оларды әмелге асырыў бойынша "Жол карталары" қабыл етилген. Бул басламалар ТМШға ағза мәмлекетлер арасында экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, өзбек өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў және олардың регионаллық ҳәм халықаралық базарлардағы орнын беккемлеўге хызмет етпекте.

ТМШның Анкара саммитинде мәмлекетимиз басшысы түркий мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў бойынша бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды. Мәселен, үшинши мәмлекетлер менен "Түркий мәмлекетлер шөлкеми плюс" форматындағы бирге ислесиўди тараў министрлериниң ушырасыўларынан баслаў усынысы бәринен бурын, шөлкемниң халықаралық бирге ислесиў географиясын кеңейтиў, басқа мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы байланысларды раўажландырыў, саўда-экономикалық, транспорт-логистика ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда жаңа шериклик имканиятларын жаратыўға хызмет ететуғыны сөзсиз.

Мәмлекетимиз басшысының исбилерменлердиң мәплерин қорғаў ушын "Коммерциялық жумыслар бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳаққында"ғы көп тәреплеме шәртнама және ҳуқықый жәрдем сораўлары ҳәм ҳүжжетлерди электрон алмасыўға мөлшерленген санлы платформаны шөлкемлестириў басламасы да айрықша әҳмийетке ийе. Бул баслама мәмлекетлер арасында ҳуқықый бирге ислесиўди беккемлеў, исбилерменлердиң ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў ҳәм коммерциялық келиспеўшиликлерди шешиў процесслерин әпиўайыластырыўға имканият береди.

Туризм потенциалын кеңейтиў ушын "Түркий туризм альянсын" дүзиў, сондай-ақ, халықтың өз-ара сапарларын әпиўайыластырыў ҳәм ID-карталары тийкарында саяхат етиў имканиятларын кеңейтиўши көп тәреплеме келисим ислеп шығыў усынысы болса түркий мәмлекетлердиң туристлик потенциалын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў, биргеликтеги туристлик бағдарларды раўажландырыў, туристлер ағымын көбейтиў ҳәм халықлар арасындағы мәдений-гуманитарлық байланысларды және де беккемлеўге жәрдем береди.

Саммит жуўмағында қабыл етилген Анкара декларациясы және шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы өз-ара пайдалы шерикликти буннан былай да раўажландырыўға қаратылған бир қатар қоспа қарар ҳәм ҳүжжетлер түркий мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ушын әҳмийетли тийкар болады. Ең әҳмийетлиси, бул келисимлер саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм мәмлекетлердиң улыўма раўажланыўы жолындағы ҳәрекетлерин бирлестириўге хызмет етеди.

Соңғы он жылда Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы қатнасықларды түпкиликли жаңа басқышқа алып шығыў, көп әсирлик тарийхый ҳәм мәдений жақынлықты әмелий бирге ислесиў менен байытыў бағдарында беккем тийкар жаратылды. Бул сапар етиў болса еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў, өз-ара пайдалы бирге ислесиў бағдарларын кеңейтиў ҳәм бар потенциалды толық жүзеге шығарыў арқалы қатнасықларды сапа ҳәм мазмун жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Равшан ФОЗИЛОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты