Лазиз Қудратовтың Япония экономика, саўда ҳәм санаат министри Русей Аказава менен сөйлесиўлери сапардың тийкарғы ўақыясы болды. Уйымлардың басшылары мәмлекетлераралық экономикалық қатнасықларды жеделлестириў ҳәм стратегиялық бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша анық қәдемлерди белгилеп алды.

Сапар даўамында Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA), Япония бизнес федерациясы ("Кейданрен") ҳәм "Япония - Өзбекстан Жипек жолы" қорының басшылары менен де ушырасыўлар өткерилди. Бул сөйлесиўлерде жойбарларды қаржыландырыў, исбилерменлик бирге ислесиўин кеңейтиў ҳәм социаллық әҳмийетке ийе бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Буннан тысқары, Японияның ири компанияларының топ-менеджменти менен сөйлесиўлер өткерилди.

Нәтийжеде энергетика, қаржы, банк, микроқаржыландырыў, логистика, денсаўлықты сақлаў, азық-аўқат санааты ҳәм биотехнологиялар тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.