Гуманитарлық жүк
Түркменстан-Иран шегарасындағы "Артық-Лютфобад" қадағалаў постында
Иран тәрепине салтанатлы түрде тапсырылды.
Мәресимде Өзбекстанның
Түркменстандағы елшиси Равшан Алимов, Иранның Түркменстандағы елшиси Али Можтаба
Розебоний, Дарғаз қаласының ҳәкими Можтаба Базмара, Иран Сыртқы ислер
министрлигиниң Хорасан-Резавия ўәлаятындағы ўәкили Ҳайдари Фард, сондай-ақ,
бажыхана, медицина ҳәм гуманитарлық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Иран тәрепи қыйын
дәўирде көрсетилген жәрдем ушын Өзбекстан Президенти ҳәм халқына шын жүректен
миннетдаршылық билдирди.
Атап
өтилгениндей, бул гуманитарлық баслама Өзбекстан ҳәм Иран арасындағы дәстүрий
дослық қатнасықлары, өз-ара ҳүрмет ҳәм бирге ислесиўдиң гезектеги тастыйығы
болды.