Сапар шеңберинде делегациялардың басшылары Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев тәрепинен қабыл етилди. Ушырасыўда регионаллық қәўипсизликти беккемлеў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды. Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытайдың турақлылық ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин муўапықластырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Ушырасыўдың тийкарғы бөлиминде тәреплер оператив мәлимлеме алмасыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм трансмиллий жынаятшылыққа қарсы гүресиў механизмлерин жетилистириў мәселелерин көрип шықты. Нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы, адам саўдасы, кибержынаятшылық ҳәм халықаралық қәўип-қәтерлердиң басқа да түрлерине қарсы биргеликте илажлар көриўге айрықша итибар қаратылды.

Экстремизм ҳәм радикалласыўға қарсы гүресиў, соның ишинде, миграция сиясатын жетилистириў ҳәм халық арасында профилактикалық жумысларды күшейтиў мәселелери де додаланды.

Ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерин таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў тараўындағы бирге ислесиў бағдарлары, соның ишинде, қоспа оқыў бағдарламалары, қәнигелер алмасыўы ҳәм кадрлар таярлаўдың заманагөй усылларын енгизиў мәселелери айрықша көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги бир қатар усыныслар киргизди, соның ишинде:

наркотрафикти ҳәм шөлкемлескен жынайый топарлардың финанслық каналларын анықлаў ҳәм оларға шек қойыў бойынша бирге ислесиўди күшейтиў;

кибержынаятлар, алдаўшылық схемалары, қадаған етилген онлайн-ресурслар ҳәм изленип атырған шахслар ҳаққында оператив мәлимлеме алмасыў;

терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў жумысларын муўапықластырыў ушын жуўапкер байланыс офицерлерин тайынлаў.

Сондай-ақ, радикалласыўдың алдын алыў ҳәм экстремистлик идеяларға бейим болған шахсларды социаллық реабилитациялаўға қаратылған "жумысшы топарлар"дың жумысы бойынша Өзбекстанның тәжирийбеси таныстырылды. Ушырасыў қатнасыўшылары бул тәжирийбени регионның басқа да мәмлекетлеринде енгизиў басламасын қоллап-қуўатлады.

Ушырасыў жуўмағында тийисли протоколға қол қойылды. "Орайлық Азия - Қытай" форматындағы бул ушырасыў қәўипсизлик ҳәм ҳуқық қорғаў тараўындағы регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў жолындағы гезектеги әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланды.