Ушырасыўда, сондай-ақ, COP31ге таярлық көриў офиси ўәкили Айсун Бошча,
Климат өзгериўи мәселелери бойынша басқарма баслығы Шукрю Узун, академиялық
мәсләҳәтши профессор Менаф Туран, сондай-ақ, Европа Аўқамы ислери ҳәм сыртқы
байланыслар бойынша бас директор орынбасары қатнасты.
Сөйлесиўде Фатма
Варанк Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында
Өзбекстанда экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўине қарсы
гүресиў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары
баҳалады. Ол Өзбекстанның турақлы раўажланыў принциплерин алға қойыў ҳәм экологиялық
бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған халықаралық ҳәм регионаллық
басламаларының әҳмийетин атап өтти.
Тәреплер қоршаған
орталықты қорғаў, климат өзгериўи, турақлы раўажланыў ҳәм қоспа экологиялық
жойбарларды әмелге асырыў тараўларындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги
жағдайы ҳәм перспективаларын да додалады.
2026-жыл ноябрь
айында Түркия Республикасының Анталия қаласында болып өтетуғын БМШтың Климат
өзгериўи ҳаққындағы рамкалы конвенциясы (COP31) Тәреплер конференциясының
31-сессиясына таярлық көриўге айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, COP31
платформасында Өзбекстан Республикасы Миллий павильонын жайластырыў, Өзбекстан
делегациясының илажда қатнасыўының шөлкемлестириў ҳәм логистика мәселелери
көрип шығылды.
Буннан тысқары,
тәреплер конференцияның исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Өзбекстанның экологиялық
ҳәм климат күн тәртибин халықаралық майданда алға қойыўға қаратылған
сайд-ивентлер, еки тәреплеме ушырасыўлар ҳәм басқа да илажларды өткериў
мәселелерин додалады.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўден
өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады ҳәм экология, климат өзгериўи ҳәм COP31ге
таярлық мәселелери бойынша конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириўге таяр
екенин билдирди.