Ушырасыў Қырғызстан тәрепиниң басшылығында өтти.
Қатнасыўшылар туризм тараўының бүгинги жағдайы ҳәм ШБШ шеңбериндеги бирге
ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады.
Илаж шеңберинде Өзбекстан делегациясы Беларусь Республикасы
"Миллий туризм агентлиги" мәмлекетлик мәкемеси директоры Кирилл
Машарский, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Туризмди
раўажландырыў мәмлекетлик агентлиги директоры Эдуард Кубатов, Тәжикстан
Республикасы Ҳүкимети жанындағы Туризмди раўажландырыў комитетиниң баслығы
Жамшид Жумахонзода менен бир қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерди.
Тәреплер туризм тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди
буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў перспективаларын додалады. Тараўлық
структуралар арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм туристлер ағымын көбейтиў
ушын қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.
Саяхатларды шөлкемлестириўди әпиўайыластырыў ҳәм саяхатшылар
ушын бағдарлардың тартымлылығын арттырыў имканиятын беретуғын туристлик
коридорды қәлиплестириў әҳмийетли темалардан бири болды. Сондай-ақ, үшинши
мәмлекетлерден туристлерди тартыўға қаратылған жаңа туристлик маршрутларды
ислеп шығыў имканиятлары көрип шығылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында қатнасыўшылар бирге ислесиўди
жеделлестириўден еки тәреп те мәпдар екенин тастыйықлады ҳәм регионда туризм
тараўын раўажландырыўға қаратылған биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға
таяр екенин билдирди.