Бул илаж Аралбойы регионының бийтәкирар гастрономиялық
туризм потенциалын халықаралық майданда кеңнен үгит-нәсиятлаў, Қарақалпақстанда
мәдений-кеўилашар илажларды көбейтиў, аймаққа келетуғын жергиликли ҳәм сырт елли
туристлердиң санын және де арттырыўға қаратылған.
Фестиваль 2017-жылдан берли турақлы түрде өткерип
келинбекте. Быйылғы фестиваль шеңберинде 50 ге шамалас маман аспазлар тәрепинен
Аралбойы регионына тән болған балық өнимлеринен таярланған ең жақсы ҳәм сийрек
ушырасатуғын тағамлар усынылды.
Мийманлар 99 түрдеги ҳәр қыйлы балық тағамлары - қуўырылған
ҳәм писирилген балық, белгили балық сорпалары ҳәм басқа да миллий тағамлардың
таярланыў процесин тамашалаў менен бирге, олардың дәмин татыў имканиятына ийе болды.
Фестиваль жуўмағында жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.
"Арал балықларынан 99 тағам" гастрономиялық
фестивалы тек ғана мазалы тағамлар байрамы емес, ал Аралбойының қайта тикленип
атырған тәбияты, бай мәдений мийрасы ҳәм миймандослық дәстүрлериниң айқын
көриниси сыпатында да үлкен әҳмийетке ийе.