Көргизбе "Умра плюс Өзбекстан" жойбары шеңберинде зыярат туризмин раўажландырыў, мәмлекетимиздиң туризм потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў, сырт елли шериклер менен байланысларды беккемлеў, бизнес ушын жаңа имканиятлар жаратыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.

Илаж даўамында туризм шөлкемлери өз стендлерин таныстырады, B2B ушырасыўлары, сөйлесиўлер өткерип, "Умра+" бағдарында бирге ислесиў бойынша келисимлер дүзеди. Бул жергиликли ҳәм сырт ел компаниялары арасында жаңа жойбарлар, туризм өнимлерин жаратыўда әҳмийетли платформа болады.

"Умра плюс Өзбекстан" жойбары соңғы жыллары Түркия, Малайзия, Индонезия сыяқлы мәмлекетлерде табыслы таныстырылмақта. Оның тийкарғы мақсети - умра сапарына баратуғын сырт елли зыяратшыларды Өзбекстанның бай тарийхый-мәдений мийрасы, муқаддес орынлары ҳәм заманагөй туризм инфраструктурасы менен таныстырыўдан ибарат.

Ташкенттеги көргизбе бул басламаның гезектеги әҳмийетли басқышы болады ҳәм жергиликли туристлик шөлкемлерге халықаралық базарда умраны Өзбекстанның Самарқанд, Бухара, Хийўа, Термиз ҳәм басқа да тарийхый қалаларына саяхат пенен биргеликте әмелге асырыў бағдарламаларын усыныс етиў имканиятын береди.

Көргизбе зыярат туризми тараўында жумыс алып барып атырған компаниялар, мийманханалар, транспорт операторлары, туризм тараўы қәнигелери ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар шөлкемлердиң ушырасыўы ушын әҳмийетли майдан болыўы күтилмекте.