Сөйлесиўлерде өткен жылы Самарқандта жоқары дәрежеде ерисилген
келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан ҳәм Иордания арасындағы кең
көлемли шерикликти буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери
додаланды.
Болажақ илажлар, соның ишинде, жоқары дәрежедеги сапарлардың режеси көрип
шығылды. Еки тәреплеме сөйлесиў ҳәм өз-ара алмасыўлар жеделлескени атап өтилип,
еки мәмлекет сыртқы сиясий уйымлары арасындағы сиясий бирге ислесиў ҳәм
муўапықласыўды буннан былай да беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди.
Саўда-экономикалық,
инвестициялық, транспорт-логистика, туризм, аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм
мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар
қаратылды. Тәреплер Аммон - Ташкент жөнелиси бойынша тиккелей авиақатнаўлардың
жолға қойылыўы ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң жумысы экономикалық байланыслардың
раўажланыўына жаңа пәт бағышлайтуғынына исеним билдирди.
Халықаралық ҳәм
регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды. БМШ,
Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Қосылмаў ҳәрекети ҳәм басқа да көп тәреплеме
структуралар шеңберинде бирге ислесиўди даўам еттириўге таярлық билдирилди.
- Иорданияға
Өзбекстанның Жақын Шығыстағы әҳмийетли ҳәм исенимли шериги сыпатында қараймыз
ҳәм көп қырлы шериклигимизди жаңа мазмун менен байытыў бойынша биргеликтеги
жумысларды избе-из даўам еттириў нийетиндемиз, - деди Бахтиёр Саидов.