"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 5-8-май күнлери
ҳаўаның температурасы түнги ўақытлары 17-20 дәрежеге шекем, күндиз 32-35
дәрежеге шекем, қублада 38 дәрежеге шекем әсте-ақырын көтериледи.
6-7-май күнлери арқа ҳәм шөл аймақларында, 8-майда
республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем
күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.
Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында 4-5-май ҳәм
8-май күнлери ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады.
4-май күни сел-суў ҳәдийселери болыўы мүмкин.
Ташкентте жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы бүгин
күндиз 24-26°, 5-8-май күнлери 30-35° ға шекем көтериледи.
Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, 8-майда
самалдың тезлиги 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, қаланың айрым аймақларында
шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.