Ҳүжжет пенен Шарўашылық комплекслерин шөлкемлестириў, нәсилли малларды
сатып алыў ҳәм балықшылық хожалықларындағы жойбарларды қаржыландырыў ушын
кредитлер бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Ҳәр жылы 2026-жыл 12-майдағы ПҚ-179-санлы қарарға муўапық, Аўыл хожалығын
мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының 1 триллион сум муғдарындағы
қаржылары коммерциялық банклерге 10 жыл мүддетке, жыллық 6 процент ставкада
жайластырылады.
Сондай-ақ, Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен АК "Халық
банки" ҳәм АКБ "Микрокредитбанк"ке олардың мүрәжатлары
тийкарында миллий валютадағы 50 миллион доллар эквиваленти муғдарындағы
қаржылар 10 жыл мүддетке, соның ишинде, 4 жыллық жеңиллетилген дәўир менен,
жыллық 6 процент ставкада ажыратылады.
Кредит алыў ушын
мүрәжат етиўши Агроплатформа мәлимлеме системасы арқалы тийисли ҳүжжетлерди
усыныўы керек.
Кредитлер 10
жылға шекемги мүддетке, соның ишинде, 4 жыллық жеңиллетилген дәўир менен,
төмендегилерди қаржыландырыў ушын жыллық 10% ставкада ажыратылады:
шарўашылық ҳәм
балықшылық комплекслерин шөлкемлестириў, нәсилли қарамал ҳәм майда қарамал
сатып алыў жойбарлары ушын - 5 миллиард сумға шекем;
нәсилли туқымлық
өгизлер ҳәм нәсилли балық жетистириў кәрханасын шөлкемлестирген исбилерменлик
субъектлериниң қурылыс, үскенелер ҳәм нәсилли қарамал ҳәм балық сатып алыў
қәрежетлери - 20 млрд сумға шекем.
Халықаралық
финанс институтларының шарўашылық бағдарларына мәмлекет қарызы есабынан
тартылған кредит қаржылары исбилерменлик субъектлерине жыллық 10 процент
ставкада ажыратылады.
Қарыз алыўшы
тәрепинен кредит шәртнамасында көрсетилген мүддетлерде кредит қайтарылмаған
жағдайда, белгиленген мүддетте қайтарылмаған кредит бөлеги банктиң өз қаржылары
есабынан коммерциялық кредит сыпатында қайта рәсмийлестириледи ҳәм бул қаржылар
Фондқа қайтарылады.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 07.08.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады «Norma».