Базарларды санластырыўдың тийкарғы бағдарлары:
арнаўлы платформаны иске қосыў, онлайн аралықтан мониторинг етиў
имканиятын жаратыў;
ашық-айдын электрон система арқалы бир мәртелик төлемлер, ижара ҳәм
көрсетилген хызметлер ушын ҳақы төлеў тәртибин енгизиў;
саўда шақапшалары ҳәм саўда майданларының жайласқан орны ҳаққындағы
мағлыўматты санлы бағдарламаға киргизиў, бос турған саўда майданларын ижараға
алыў бойынша электрон шәртнамалар дүзиў;
автомобиль турыў орынлары ҳәм ҳәжетханалар менен тәмийинлеў, оларда
есапқа алыў ҳәм төлемлерди қабыл етиўдиң автоматластырылған системасын енгизиў;
базарда ҳәм оған
тутас аймақларда белгиленген тәртипке муўапық нызамсыз қурылмаларды сапластырыў,
базар инфраструктурасын жақсылаў ушын оңлаў-тиклеў жумысларын алып барыў ҳәм
басқалар.
Ҳүжжетте 2026-жыл
1-октябрьге шекем "Салық" мәлимлеме системасына “E-bozor” бирден-бир
санлы базар платформасын тест режиминде енгизиў, 2027-жыл 1-мартқа шекем болса
төмендегилерди өз ишине алатуғын толық функционал режим жаратыў нәзерде
тутылған:
базарлар ҳәм
саўда комплекслериниң паспортлары, мәнзиллери, еркин саўда шақапшалары ҳәм ашық
саўда майданлары, жәрийма жәриялаў;
жәмийетшиликти
базарлар ҳәм саўда комплекслериниң жумысы ҳаққындағы мағлыўматлар менен танысыў
имканияты, сондай-ақ, базар ҳәкимшилигине электрон буйыртпа жибериў ҳәм жуўап
алыў имканияты.
Салық комитети “E-bozor”
платформасының операторы болып, коррупция ҳәм жасырын экономиканың алдын алыў
мақсетинде платформаны турақлы жетилистирип барыўға жуўапкер есапланады.
Ҳүжжет пенен
төмендегилер тастыйықланды:
Санластырыў
илажлары көрилетуғын базарлар ҳәм саўда комплекслери дизими;
Базарлар ҳәм
саўда комплекслерин санластырыў схемасы.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 06.07.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады «Norma».