Нызам менен Жынаят кодексине суд жумысларын шешиўге араласқаны ушын
жынайый жуўапкершилик илажларын анықластырыўшы, сондай-ақ, Ҳәкимшилик
жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске суд имаратында тәртипти бузыў түринде судқа
ҳүрметсизлик көрсеткени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларын белгилеўши
қосымша киргизилмекте.
Атап айтқанда,
тергеўге араласыў, яғный анық бир исти ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс
тексериўге тосқынлық етиў мақсетинде тергеўши ямаса прокурорға ҳәр қыйлы түрде
нызамсыз тәсир көрсетиў ушын үш жылға шекемги мүддетке дүзетиў жумыслары ямаса
бир жылдан үш жылға шекемги мүддетке еркинликти шеклеў ямаса үш жылға шекемги
мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады.
Суд ислерин
шешиўге араласыў, яғный белгили бир истиң ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс
тергелиўине тосқынлық етиў мақсетинде ямаса әдил емес қарар шығарыў жолы менен
судьяға яки халық кеңесгөйине ҳәр қыйлы түрде нызамға қайшы түрде тәсир
көрсетиў - үш жылға шекемги мүддетке дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш
жылға шекемги мүддетке еркин шеклеў ямаса үш жылға шекемги мүддетке еркинен
айырыў менен жазаланады.
Бул ҳәрекетлер
лаўазымлы шахс тәрепинен әмелге асырылса, белгили бир ҳуқықтан айырыў, үш
жылдан бес жылға шекем азатлықты шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем
азатлықтан айырыў менен жазаланады.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 12.09.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады «Norma».