Ҳүжжетке муўапық, "Өзбекгидроэнерго" АЖ жумысының нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:
- 2026-жылдың ақырына шекем 114 МВт ислеп шығарыў қуўатлықларын иске түсириў ҳәм 7,1 миллиард кВт/саат электр энергиясын ислеп шығарыў;
- 2032-жылдың ақырына шекем республикада:
- улыўма қуўатлылығы 1 400 МВт болған гидроаккумуляциялаўшы электр станцияларын қурыў;
- 3 266 МВт қосымша қуўатлықларды жаратыў арқалы гидроэнергетика қуўатлықларын 2,4 есеге арттырыў.
"Өзбекгидроэнерго" АЖин турақлы раўажландырыў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мақсетинде:
- жәмийет қаржылары есабынан бир басқышлы жойбарлаў (жумысшы жойбар) тийкарында жоллар, электр жеткерип бериў тармақлары ҳәм басқа да инфраструктуралық объектлердиң қурылысын әмелге асырыў;
- перспективалы аймақларда жойбарлаў-излеў жумысларын сапалы әмелге асырыў ушын "Гидропроект" АЖ ҳәм "Ўзсувлойиҳа" АЖның ушыўшысыз ушыў аппаратларын сатып алыў ҳәм олардан пайдаланыў;
- "Өзбекгидроэнерго" АЖ системасындағы шөлкемлердиң жәмийеттиң өзи ҳәм оның шөлкемлери тәрепинен өткерилетуғын мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыўы.