Қәнигелердиң ескертиўинше, ҳаўа температурасы жоқары болған шараятта ашық ҳаўада узақ ўақыт болыў ҳәм физикалық жумысларды орынлаў ыссылық урыўына, денениң суўсызланыўына, жүрек-қан тамыр ҳәм нерв системасының бузылыўына ҳәм денсаўлық ушын басқа да аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 359-статьясы ҳәм СанПиН №0069-24-сан талапларына муўапық, жылдың ыссы дәўиринде ашық жумыс орынларында ҳаўа температурасы 36°C ҳәм оннан жоқары болыўы айрықша қәўипли (экстремал) мийнет шараятларына киреди.

Усы мүнәсибет пенен Мәмлекетлик мийнет инспекциясы төмендеги илажларға әмел етиўди талап етеди:

ашық аймақларда саат 10:00 ден 17:00 ге шекем шембилик, ғалабалық мийнет илажлары ҳәм басқа да жәмәәтлик жумысларды өткермеў;

зәрүр болғанда жумыслардың салқын ўақытта - азанғы саат 10:00 ге шекем ямаса кешки 17:00 ден кейин орынланыўын шөлкемлестириў;

кешиктирип болмайтуғын жумысларды орынлаў ўақтында мийнет етиў ҳәм дем алыўдың арнаўлы режимин белгилеў, жумыс ўақтының даўамлылығын қысқартыў;

хызметкерлерди сая жерде дем алыў ушын орынлар, жетерли муғдарда ишимлик суўы, жеке қорғаныў қураллары ҳәм биринши медициналық жәрдем көрсетиў ушын зәрүр қураллар менен тәмийинлесин.

Сондай-ақ, жумыс бериўшилер жоқары температура шараятында жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң денсаўлығы үстинен турақлы қадағалаўды тәмийинлеўи керек. Хызметкердиң денсаўлығы төменлеген жағдайда оны жумыс ислеўден дәрҳал азат етиў ҳәм зәрүр медициналық жәрдем көрсетиў керек.

Мәмлекетлик мийнет инспекциясы ескертеди: мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларын бузыў, сондай-ақ, хызметкерлердиң өмири ҳәм денсаўлығына қәўип туўдыратуғын шараятлар жаратыў нызамда белгиленген тәртипте жуўапкершиликке себеп болады.