Бул абырайлы халықаралық
илаж даўамында Камбоджа, Пакистан, Россия, Беларусь, Мексика, Гана, Брунеи, Мьянма
ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлердиң парламент ағзалары тынышлықты беккемлеў,
парламент дипломатиясы ҳәм халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери
бойынша пикир алысты.
Сенатор өзиниң
шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан парламент дипломатиясы бойынша теңсиз миллий
тәжирийбеге ийе екенин, Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм
әмелий бирге ислесиў орталығы сезилерли дәрежеде беккемленип атырғанын, қыйын
мәселелерди сөйлесиўлер арқалы шешиў әмелиятына айрықша итибар қаратылып
атырғанын атап өтти.
Илаж шеңберинде
Камбоджа Патшасы Нородом Сиамони Өзбекстан Олий Мажлиси делегациясы менен
ушырасып, еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелерин додалады.
Өзбекстан Олий
Мажлиси делегациясы Россия, Беларусь ҳәм Вьетнам парламентлери ағзалары менен
де парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери бойынша ушырасыўлар
өткерди.
Өзбекстан
парламентиниң ағзалары Камбоджа миллий бренди астында ислеп шығарылып атырған
өнимлер көргизбесинде де қатнасты.