1-апрель жағдайына бола, турақлы халықтың саны 38 382 685
адамды қурады. Тутыныў баҳалары индекси өткен жылдың декабрь айына
салыстырғанда 101,9 процентке жетти, бул болса инфляцияның орташа дәрежесин
сәўлелендиреди.
Мәмлекетимиздиң жалпы ишки өними 8,7 процентке өсип,
экономикалық өсиўдиң жоқары пәтлерин тастыйықлады. Санаат өнимлерин ислеп
шығарыў көлеми 8,0 процентке, қурылыс жумыслары 15,5 процентке өскен.
Тутыныў тараўы да жедел раўажланыўды көрсетти: усақлап сатыў
товар айланысының көлеми 25,4 процентке, базар хызметлери 16,1 процентке артты.
Сыртқы саўда айланысы 2,7 процентке өсти.
Аграр тармақ - аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығында 5,1
процентке өсиў бақланған. Халықтың реал жалпы дәраматлары 7,8 процентке
көбейди, бул турмыс дәрежесиниң басқышпа-басқыш артып атырғанынан дәрек береди.
Буннан тысқары, 2026-жылдың 1-апрель жағдайына
республикамызда 487 мың 98 кәрхана ҳәм шөлкем (фермер ҳәм дийқан хожалықларынан
тысқары) жумыс алып барып атырғанлығы исбилерменлик орталығының раўажланып
атырғанлығынан дәрек береди.