Жети айда Саўдаға көмеклесиў қорының қаржылары есабынан 1 мың 141 исбилерменлик субъекти қоллап-қуўатланды. 113 кәрхананы экспорт алдынан қаржыландырыў ушын 136,5 миллион доллар қаржы ажыратылып, 1,53 миллиард долларлық өним жеткерип берилди.

Өзбекстан экспорты 17,1 миллиард долларға жетти (өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 132 процентке өскен). Онда тоқымашылық ҳәм мийўе-овощ өнимлери, зергерлик буйымлары, қурылыс материаллары, азық-аўқат ҳәм электротехника товарлары тийкарғы үлести қосты.

Өзбекстан өнимлери 120 мәмлекетке жеткерип берилген. 5 жаңа базар - Судан, Зимбабве, Камбоджа, Гондурас ҳәм Маврикий өзлестирилди.

Экспорт штаблары тәрепинен исбилерменлердиң 3 мың 44 мүрәжаты көрип шығылып, соннан 2 мың 547 си ямаса 84 проценти унамлы шешилген.

Жеткерип бериў географиясын кеңейтиў, жоқары қосымша қунлы өнимлердиң экспортын көбейтиў, бизнести қоллап-қуўатлаў механизмлерин жетилистириў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.