Аз қәрежет пенен көплеген жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматын арттырыў, аймақлардың келбетин жақсылаўда туризм ҳәм хызметлер тараўының орны үлкен. Ташкент қаласында буның ушын үлкен имканиятлар бар.

Жаңа Сергели көшесинде шөлкемлестирилген ҳәм күни-түни жумыс алып барып атырған туризм, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери халық ушын қолайлы шараятлар жаратыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыўға хызмет етпекте.

Жойбардың улыўма баҳасы 18,7 миллиард сумды қурайды. Көшениң 2,1 километр бөлегиндеги инфраструктура толық жаңаланып, саўда, улыўма аўқатланыў ҳәм кеўилашар объектлерди өзинде жәмлеген, күни-түни жумыс ислейтуғын аймаққа айландырылды.

Халықтың дем алыўы ушын шараят жаратыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде бул жерде 10 нан аслам балалар ойын майданшалары, 8 воркаут майданы, китап дүканы, кекселер ушын дем алыў орайы шөлкемлестирилген.

Усы аймаққа тутас 4 мәҳәлледе 21 мыңнан аслам халық жасайды. Жаңа Сергели көшеси арқалы күнине орташа 15-20 мың автотранспорт ҳәрекетленеди. Жойбар толық иске қосылғаннан соң, жылына 1 миллион 200 мыңнан аслам адамға хызмет көрсетиў имканияты жаратылады.

Жойбар шеңберинде 250 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылды.  95 исбилерменлик субъекти өз жумысын кеңейткен, және 22 и жаңа исбилерменлик субъектлерин ашқан.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлле аймағын аралап, миллий архитектуралық усылда оңланған турақ жайлар, абат етилген көшелер, халық ушын жаратылған қолайлықлар менен танысты. Сондай-ақ, мәҳәлле белсендилери ҳәм халқы менен қызғын сәўбетлести.

Президентимиз болып атырған өзгерислер халықтың турмыс дәрежеси ҳәм абаданлығына қандай тәсир етип атырғаны менен қызықты. Мәҳәлле белсендилери бул өзгерислер халықтың кейпияты, турмыс тәризи ҳәм дәраматына унамлы тәсир етип, аймақтың көриниси де, адамлардың ертеңги күнге исеними де өзгерип атырғанын атап өтти.