Кейинги жыллары тараўға тартылған инвестициялардың көлеми 10 есеге артып, 2,7 миллиард долларға жеткен. Нәтийжеде халықты орайласқан ишимлик суўы менен қамтып алыў дәрежеси 2017-жылдағы 63 проценттен дерлик 83 процентке жетти.

Усы дәўирде 7,7 миллион халық биринши мәрте орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленди, 11 миллион халықтың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланды, және 1,1 миллион халық канализация системасына жалғанды. 39 мың километр ишимлик ҳәм 3,2 мың километр ақаба суў тармақлары қурылды ҳәм реконструкцияланды. 3 мың 400 ишимлик суўы объекти, 295 ақаба суў ҳәм насос станциясы қурылды ямаса модернизацияланды.

Келеси жылларда ишимлик суўы менен қамтып алыў дәрежесин 90 процентке, қалаларда канализация хызметин 80 процентке жеткериў мақсет етилген. Оның ушын қосымша 1,3 миллиард доллар муғдарында инвестиция тартыў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы ерисилген нәтийжелер менен бир қатарда, жойбарларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў, бар машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў системасы еле талап дәрежесине жетпегенин көрсетип өтти.

Атап айтқанда, Әндижан қаласындағы канализация системасындағы машқалаларды сапластырыў ушын жақында 107 миллиард сум ажыратылды. Сергели районында жағымсыз ийис тарқалыўының алдын алыў мақсетинде заманагөй фильтрлер орнатыў жумыслары басланды.

Сурхандәрья ўәлаяты халқын ишимлик суўы менен тәмийинлеў жойбары шеңберинде «Тўпаланг» суў сақлағышынан Термиз қаласына шекем суў тармағы тартылған. Жылдың ақырына шекем Шерабад, Музрабад, Ангор ҳәм Жарқорған районларына да суў жеткерип бериледи.

Презентацияда орынлардағы ең әҳмийетли машқалаларды шешиўге қаратылған анық ўазыйпалар белгиленди. Атап айтқанда, 513 мәҳәллени орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлеў, және 3 мың мәҳәлледе суў тәмийнатының сапасын жақсылаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Халыққа ишимлик суўын тиккелей жеткерип бериў жумысларын толық жуўмақлаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Усы мақсетте 232 мың суў алыў колоннасының орнына суў тармақларын тиккелей турақ жайларға тартыў нәзерде тутылған.

Жылдың ақырына шекем улыўма баҳасы 600 миллион долларлық жойбарлар әмелге асырылады. Олар шеңберинде 1 мың 600 километр ишимлик ҳәм 387 километр ақаба суў тармақлары, сондай-ақ, 80 суў тәмийнаты ҳәм 29 ақаба суў объектлерин қурыў нәзерде тутылған.

Нәтийжеде 107 мәҳәлледеги 310 мың халық биринши мәрте орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленеди, 453 мәҳәлледеги 2,5 миллион халықтың суў тәмийнаты жақсыланады.

Қашқадәрья ўәлаятындағы «Ҳисорак» суў сақлағышынан ишимлик суўын алып келиў жойбарын жеделлестириў ўазыйпасы қойылды. Баҳасы 217 миллион доллар болған бул жойбар Қамашы, Ғузар ҳәм Қаршы районлары және Қаршы қаласындағы 1 миллион 100 мың халықтың ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў имканиятын береди.

Жуўапкерлерге жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын экспертизадан өткериўди қысқа мүддетте жуўмақлаў ҳәм оны қаржыландырыў дәрегин белгилеў тапсырылды.

Буннан тысқары, Ферғана, Сурхандәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларында ишимлик суўы ҳәм канализация системасын раўажландырыў бойынша кредит ҳәм грант келисимлерине қол қойыў, пайтахтымызда жаңа канализация имаратын қурыў жойбары бойынша жуўмақлаўшы жуўмақ киргизиў ўазыйпалары белгиленди.

Улыўма баҳасы 317 миллион доллар болған 6 жойбар бойынша сырт елли шериклер менен сөйлесиўлерди 1-сентябрьге шекем жуўмақлап, оларды қаржыландырыў дәреклерин анықлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Суў тәмийнаты кәрханаларының финанслық турақлылығын тәмийинлеў мәселелери де додаланды. Әмелдеги тарифлер хызметлердиң ҳақыйқый өзине түсер баҳасын толық қапламағаны ҳәм аймақлар арасында үлкен айырмашылықлар бар екени ақыбетинде тараўдың инвестициялық тартымлылығы төменлеп атырғаны атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен ишимлик суўын ислеп шығарыў ҳәм тутыныўшыларға жеткерип бериў функцияларын ажыратыў, магистраль суў тәмийнаты кәрханасын шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Ол аймақлық кәрханаларға ишимлик суўын бирден-бир көтере тариф бойынша жеткерип береди.

Ишимлик суўы ҳәм ақаба суў хызметлери тарифлерин ашық-айдын ҳәм экономикалық тийкарланған нормалар тийкарында белгилеў ушын Уйымлараралық тариф комиссиясын шөлкемлестириў, 2027-жыл 1-апрельден бюджет шөлкемлери ушын бирден-бир тариф енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

2030-жылға барып демографиялық ҳәм экономикалық өсиў нәтийжесинде елимизде ишимлик суўынан пайдаланыў ҳәзирги 941 миллион метр кубқа қосымша түрде және 230 миллион метр кубқа артыўы прогноз етилмекте. Бул суў ресурсларының анық есабын алып барыў ҳәм олардың шығынларын азайтыўды талап етеди.

Усы мүнәсибет пенен тутыныўшылар менен есап-санақларды толық онлайн режимине өткериў, қала ҳәм район орайларындағы барлық тутыныўшыларды аралықтан мағлыўмат узатыў функциясына ийе болған заманагөй суў есаплағышлар менен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Суў тәмийнаты имаратлары ҳәм тармақларының санлы картасын жаратыў, басқарыў системасына «SCADA», «GIS», телеметрия ҳәм бирден-бир биллинг системаларын кеңнен енгизиў арқалы суў шығынларын 35 проценттен 25 процентке қысқартыў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, жасалма интеллектти қолланып, насос үскенелериниң жумысын таллаў, авариялық жағдайлар ҳәм суў ағыўларын алдыннан анықлаў, пайдаланыў көлемин прогнозлаў, пуқаралардың мүрәжатларын оператив шешиўге қаратылған жойбарлар да көрсетилди.

Кадрлар таярлаў системасын жетилистириў мақсетинде Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтында өз алдына факультет ашыў усынысы қоллап-қуўатланды. Буннан тысқары, аймақлардағы техникумлар негизинде ишимлик суўы ҳәм канализация бағдарлары бойынша дуал билимлендириўди жолға қойыў ўазыйпасы қойылды.

Презентацияның жуўмағында Президентимиз жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, хызметлер көлемин кеңейтиў, кәрханалардың финанслық турақлылығын тәмийинлеў, тараўды санластырыў ҳәм халыққа қолайлылықларды арттырыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.