Президентимиз кишипейил мийнетимди жоқары баҳалап, мени "Фидокорона хизматлари учун" ордени менен сыйлықлаў ҳаққында пәрманға қол қоятуғынын жәриялады.
Көкирегиме бул жоқары сыйлық тағылып атырған ўақытларда көз алдымнан шыпакерлик жылларым ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилигин мойныма алған дәслепки күнлерим бирме-бир өтти. Өткен жылы "Эл-юрт ҳурмати" орденине мүнәсип көрилген едим. Гезектеги абырайлы сыйлық болса ийнимдеги жуўапкершиликти және де арттырды.
Расын айтыўым керек, бул табыслар тек меники емес. Бул – Алаттың мийнеткеш, ар-намыслы, бүгинги реформаларға исенип, өз тәғдирин өзгертиўге күш тапқан мыңлаған районласларымның сыйлығы. Негизинде кәсибим шыпакер. Жыллар даўамында адамлар дәртине дәрман болыўға, олардың денесиндеги дәртти, денесиндеги аўырыўларды емлеўге умтылдым.
2020-жылы болса Бухара ўәлаяты тарийхындағы биринши ҳаял ҳәким сыпатында Алат районына тайынландым. Сонда тек ғана адамлардың денсаўлығы емес, ал пүткил район халқының тәғдири, социаллық дәрти ҳәм келешеги ушын жуўапкер екенимди және де терең аңлап жеттим.
Ҳәким сыпатында жумыс баслаған дәслепки күнлерде өз алдыма үлкен мақсет қойған едим: Бухараның усы алыс аймағында илажсыз, итибардан шетте қалған, келешегине исенимин жоғалтқан бирде-бир ҳаял-қыз қалмаўы керек. Сонлықтан, жумысымды баслағанымыздағы биринши жумысымыз шараяты аўыр, жумыссыз, үйсиз ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж қыйналған ҳаял-қызлар ушын 60 шаңараққа мөлшерленген турақ жай имаратын қурып, оларды ыссы ҳәм ықшам баспана менен тәмийинлеў болды. Қоллап-қуўатлаў ҳәм жаратып берилген кең шараятлар себепли бүгин пүткиллей жаңа Алат қурылды.
Биз тек ғана турақ жай емес, ал келешегимиз болған перзентлеримиздиң тәрбиясына да айрықша итибар қараттық. Ҳәким болған ўақытымда, яғный 2020-жылы пүткил Алат районы бойынша тек ғана 7 бақша бар еди. Бүгинги дәўир реформалары ҳәм жаңаланыўлар нәтийжесинде заманагөй, барлық шараятларға ийе мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң саны 35 ке жетти.
Мәмлекетимиздеги реформалардың ең адамгершиликли тәреплеринен бири мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы ҳәм "Ҳаял-қызлар дәптери" енгизилгени болды. Бул әпиўайы дизим емес, сынған кеўиллерди тиклеў, жығылғанларды сүйенетуғын система. Бүгинги күнге шекем қыйналған мыңлаған ҳаял-қыз бенен ушырастым, шын кеўилден сәўбетлестим ҳәм ҳәр бириниң дәртин өзимдикиндей қабыл еттим.
Буған бир ғана мысал – районымыздың Баёт мәҳәллесинде жасайтуғын Хуршида Раҳимованың өмир жолы. Бул жас ғана ҳаялдың өмирлик жолдасы екинши топар майыбы болып, мийнетке жарамсыз, қарамағында болса еки ержетпеген перзенти бар еди. Оның менен биринши мәрте сөйлескенимде, шаңарақта жалғыз бағыўшы болған бул ҳаялдың көзлеринде шексиз өкиништи, нәзик ийнинде болса үйдиң аўыр жүгин көргенмен.
Бирақ биз Хуршиданы тек ғана "Ҳаял-қызлар дәптери"не дизимге алып, оған бир мәртелик материаллық жәрдем бериў менен шекленип қалмадық. Дәслеп өз жумысын баслаўы ушын жеңиллетилген кредит ажыратылыўына жәрдемлестик ҳәм ыссыхана жумысы бойынша кәсип-өнерге оқыттық, өнерлендирдик. Хуршиданың өзи де тынымсыз мийнет етти, жерден ырысқы өндириў сырларын үйренди.
Оның ғайратын көрип, 2023-жылға келип жумысын және де кеңейтиўи ушын қосымша 29 миллион сум кредит ажыратылыўын тәмийинледик. Нәтийжеде Баёт мәҳәллесинде ҳақыйқый әжайып ўақыя жүз берди. Яғный кеше ғана социаллық қорғаўға мүтәж болған ҳаял бүгин жергиликли базарымызға турақлы түрде сайланды помидор, қыяр, болгар бурышы және сапалы нәллерди жеткерип бериўши ири исбилерменге айланды.
Ҳәзир оның орташа жыллық дәраматы 2019-жылдағыдан үш есеге өсип, 50-60 миллион сумды қурайды. Соның менен бирге, шарўашылықты жолға қойды. Имканиятын есапқа алып, Хуршиданы мәҳәлле пуқаралар жыйынына мәҳәлле банкири лаўазымына да жумысқа орналастырдық.
Мине, бир ғана ҳаял турмысы мысалында реформалардың әмелий нәтийжеси! Кеше ғана мәмлекеттен жәрдем сораған ҳаял бүгин өзи мәҳәллеслерине банк системасы арқалы жәрдем берип, жәмийеттиң белсенди ағзасына айланды. Районымызда бундай ҳаялларымыз жүдә көп. Себеби, бир ҳаялдың тәғдири өзгерсе, пүткил шаңарақ қуўанады, жәмийет раўажланады.
Енди өзбек ҳаялы тек ғана үй хожалығы ҳәм асхана менен шекленип қалатуғын дәўирлер артта қалды. Хуршида сыяқлы мыңлаған апа-қарындасларымыз мысалында көрип турғанымыздай, бүгин ҳаял сиясачы, исбилермен, басшы ҳәм жәмийеттиң ең беккем үстини болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, бирде-бир ҳаял мәмлекеттиң итибарынан шетте қалмайды.
Ҳәзирги жаңаланыўлар процесинде ҳаял-қызлардың турмысы қаншелли абаданласып атырғанын өзим ҳәкимлик етип атырған Алат районы мысалында ҳәр күни көремен. Жаңа мектеплер, ықшам медицина мәкемелери ҳәм жаңа жумыс орынлары – булардың барлығы халқымыздың бахытлы ҳәм қәтержам жасаўы ушын исленбекте.
Маған берилген бул абырайлы сыйлық тоқтап қалыўға емес, керисинше, жаңаша пәт, және де үлкен күш ҳәм муҳаббат пенен ислеўге ийтермелейди.
Районымыздың ҳәр бир пуқарасы өз шаңарағымдай әзиз. Биз еле мәҳәллелеримизди буннан да абат етемиз, айырым турмыс сынақларында қыйналып атырған халқымызды қоллап-қуўатлаўды даўам еттиремиз. Олардың бахытлы күнлери ҳәм абадан турмысы ушын район басшысы сыпатында бар күш-ғайратым, билим ҳәм тәжирийбемди сарплаўдан ҳеш шаршамайман.
Наргиза НЕЪМАТОВА,
Бухара ўәлаяты Алат районы ҳәкими,
"Фидокорона хизматлари учун" ордени ийеси