Жаңа авиарейслер Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасында туристлер ағымын көбейтиўге хызмет етеди, сондай-ақ, Қубла Ҳиндстанның ири қалаларынан туристлердиң Ташкентке келиў имканиятларын кеңейтеди.

"Ташкент - Ҳайдарабад" жөнелиси бойынша рейслер ҳәптениң дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери әмелге асырылады.

Ҳайдарабад - Ҳиндстанның қубласындағы ири мегаполис, Телангана штатының пайтахты ҳәм мәмлекеттиң ең әҳмийетли технологиялық орайларынан бири. 10 миллионнан аслам халық жасайтуғын қала "Мерўерт қаласы" ҳәм "Ҳиндстанның Кремний алабы" деп аталады. Бул жерде әййемги ислам архитектурасы дүньядағы ең ири IT-компаниялардың офислери менен үнлес жайласқан.

Тиккелей авиақатнаўлардың жолға қойылыўы еки мәмлекет арасындағы туристлик алмасыўды және де жеделлестириў, исбилерменлик байланысларын раўажландырыў ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.