Сол себепли, бүгин мәмлекетлер тек ғана көбирек энергия ислеп шығарыў менен шекленбей, оны зәрүр ўақытта сақлаў, узақ аралықларға жеткериў ҳәм тутыныўшыға турақлы узатыў имканиятларын кеңейтпекте. Заманагөй экономикада электр тәмийнатындағы үзилис әпиўайы шыраның өшиўи менен жуўмақланбайды. Ол заводта өндирис тоқтап қалыўы, хызметлердиң кешигиўи, санлы системалардың жумысы истен шығыўына алып келиўи мүмкин. Усы мәнисте энергетикалық турақлылық экономикалық турақлылықтың әҳмийетли таянышына айланбақта.

Бул өзгерислер Өзбекстан турмысында да күн сайын анық сезилмекте. Бүгин көшеде электромобиллердиң саны артып, олар ушын қуўатлаў шақапшалары көбеймекте. Жаңа имаратлар, турақ жай комплекслери, санаат кәрханалары ҳәм заманагөй инфраструктуралар елимиздиң көркине көрик қоспақта. Кеше еле бос турған майданда бүгин жаңа имарат бой тиклейди, оның изинен адамлар, хызметлер ҳәм өндирис келеди. Булардың барлығы энергияга барып тақалады. Соның ушын энергетикаға тек ғана бүгинги талапты қаплайтуғын система сыпатында қарап болмайды. Мәмлекетте турмыс тезлиги өзгерип атырған екен, энергияға талап та өзгереди.

22-сентябрь күни мәмлекетимиз басшысы электр энергетикасын раўажландырыў перспективалары ҳәм жанылғы-энергетика тармағындағы жойбарларды басқарыў механизмлерин жетилистириўге байланыслы презентация менен танысты. Онда энергетика тараўындағы режелер экономиканың жоқары өсиў пәтлерин есапқа алған ҳалда қәлиплестирилиўи, системада бәрқулла жетерли резерв қуўатлылығы болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул ўазыйпаның көлемин санлар да айқын көрсетеди. 2030-жылға барып экономикамыздың көлемин 300 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген. Усы дәўирге келип халық саны 41 миллионнан артыўы күтилмекте. Санаатта электр энергиясынан пайдаланыў болса 38 миллиардтан 53,5 миллиард киловатт-саатқа шекем өсиўи болжанбақта. Яғный санааттың өзиндеги талап 15,5 миллиард киловатт-саатқа артады.

Сол себепли презентацияда электр энергиясынан пайдаланыўдың түрли өсиў сценарийлери көрип шығылды. Тутыныў орташа өскен жағдайда 2030-жылға шекем генерация ҳәм талап арасында жетерли тең салмақлылық сақланыўы атап өтилди. Бирақ экономика, санаат, электр транспорты ҳәм санлы инфраструктура тез пәтлерде раўажланған жағдайда қосымша генерация қуўатлықларына талап пайда болады. Бунда жерде резерв қуўатлылығы айрықша әҳмийетке ийе. Ол талап күтилгенинен тезирек артқанда ямаса системада айрықша жағдай жүз бергенде турақлылықты сақлап қалатуғын таяныш болып есапланады.

Соннан келип шығып, 2030-жылға барып мәмлекеттеги генерация қуўатлықларын 46,1 гигаваттқа жеткериў ҳәм жылына дерлик 129 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў имканиятын жаратыў режелестирилген. 2035-жылда болса қуўатлылықларды 57,2 гигаваттқа, жыллық генерацияны 154,7 миллиард киловатт-саатқа жеткериў нәзерде тутылған.

Ҳәзирги ўақытта қуяш ҳәм самал электр станцияларының улыўма қуўатлылығы 6,3 гигаваттан артқан. Гидроэлектр станцияларының саны 100 ден асып, улыўма қуўатлылығы 2,5 гигаваттқа шамаласқан. Қайта тиклениўши энергия дәреклериниң кеңейиўи тәбийғый газден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, үнемленген ресурсты экономиканың басқа талапларына бағдарлаў имканиятын береди. Бирақ қуяш ҳәм самал дереклери тәбийий шараятқа байланыслы. Қуяш күндиз нур шашады, самалдың тезлиги болса бәрқулла бирдей емес. Тутыныўшы талабы болса бундай өзгерислерге бейимлесип отырмайды.

Усы жерде энергияны сақлаў системаларының әҳмийети көринеди. Күндиз қуяш станциялары ислеп шығарған энергияны жыйнап, кешки жоқары жүклеме ўақтында тармаққа узатыў арқалы өндирис ҳәм тутыныў арасындағы айырмашылықты жумсартыў мүмкин. Ҳәзир бул бағдарда улыўма қуўатлылығы 4,2 гигаватт болған 26 жойбар қәлиплестирилген, олардың 17 си әмелге асырылыў басқышында.

Генерация қуўатлықларын көбейтиў менен бирге оларды тутыныўшыға жеткерип беретуғын тармақларды да алдыннан таярлаў талап етиледи. Жаңа станция қанша электр ислеп шығармасын, егер оны қабыл ететуғын ҳәм узататуғын тармақ жетерли болмаса, бул қуўатлылық толық иске қосылмайды. Сол себепли, 2030-жылға шекем 9 220 киловолтлы ҳәм 7 500 киловолтлы жаңа подстанция қурыў, дерлик 5 мың километр жаңа электр узатыў тармақларын қурыў режелестирилген. 2027-2029-жылларда бир қатар стратегиялық 500 киловолтлы электр узатыў тармақлары ҳәм жаңа подстанцияларды иске қосыў нәзерде тутылған.

Мәселениң және бир әҳмийетли тәрепи бар. Энергетикада қуўатлылықты нәтийжели басқарыў да зәрүр. Жаңа станция, тармақ ҳәм энергия сақлаў системасы бир-биринен үзилип қалса, үлкен қаржы талап еткен жойбарлар күтилген нәтийжени бермеўи мүмкин. Соның ушын презентацияда инвестициялық жойбарларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў тәртибин өзгертиўге айрықша итибар қаратылды.

Жаңа көзқарастың әҳмийети сонда, жойбар бәринен бурын инвестордың қәлеўинен емес, экономика, халық ҳәм аймақлардың келешектеги талабынан келип шығып қәлиплестириледи. Дәслеп талап анықланады, кейин зәрүр генерация ҳәм инфраструктура қуўатлықлары режелестириледи. Жер майданы, тармаққа жалғаныў ноқаты ҳәм техникалық шешимлери таярланған жойбар қәлиплестирилип, инвестор ашық ҳәм бәсекили таңлаў тийкарында анықланады. Бундай көзқарас инвестицияны бирден-бир энергетика системасының бир бөлеги сыпатында көриў имканиятын береди.

Энергетикадағы бул өзгерислер Президентимиздиң "Жанылғы-энергетика тармағын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында белгиленген ўазыйпалар менен де үнлес болады. Бул ҳүжжет жанылғы-энергетика тармағындағы басқарыў, базар қатнасықлары, қадағалаў ҳәм тариф механизмлерин жетилистириўдиң ҳуқықый тийкарларын белгилеп берди. Яғный бир тәрепте энергетиканың материаллық қуўатлылығы жаратылып атырған болса, екинши тәрепте әне усы қуўатлылықтан нәтийжели пайдаланыў ҳәм басқарыўға хызмет ететуғын институционаллық орталық қәлиплестирилмекте.

Пәрман менен Энергетика министрлигиниң жанылғы-энергетика тармағы кәрханалары ҳәм тутыныўшыларына шәртнамалық, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да хожалық қатнасықлары бойынша индивидуал түрдеги руқсатнамалар бериў әмелияты бийкар етиледи. Бул болса энергетикада ҳәкимшилик процесслерди қысқартыў менен бирге, хожалық қатнасықларын анық қағыйдалар тийкарында шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Энергетика базарын раўажландырыў ҳәм тәртипке салыў агентлигине электр энергиясы менен бир қатарда тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ тәмийнатында базар принциплерин басқышпа-басқыш қәлиплестириў ҳәм тәртипке салыў ўазыйпасы жүкленбекте.

Қадағалаў тараўында да қатнас өзгермекте. Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының жумысында қағыйдабузарлық жүз бергеннен кейин шара көриўден көре, оның алдын алыў, қәўиплерди ерте анықлаў ҳәм профилактикаға қаратылған превентив қадағалаў модели үстин болады. Яғный қадағалаўдың мазмуны тек ғана кемшиликти анықлаў болып қалмастан, оның жүзеге келиў итималын алдын ала азайтыўға қаратылады.

Тарифлерди қәлиплестириўде санластырыў мине усы системалы өзгерислердиң бир бөлеги. 2027-жыл 1-июльден жанылғы-энергетика тараўында уйымлараралық тариф комиссиясының бирден-бир санлы платформасы енгизиледи. Ол арқалы тәртипке салынатуғын кәрханалардың тариф буйыртпалары, тарифлерди есаплаў ушын зәрүр финанслық, техникалық ҳәм басқа да мағлыўматлар электрон түрде қабыл етиледи ҳәм қайта исленеди. Тариф есап-санақлары белгиленген тәртип тийкарында автоматластырылыўы процесстиң ашық-айдынлығы, оперативлиги ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған.

Усы тәризде энергетикадағы жаңаланыўды тек ғана жаңа станциялар саны ямаса мегаваттлар менен өлшеў бир тәреплеме қатнас болады. Системаның бир тәрепинде генерация, тармақ ҳәм энергия сақлаў қуўатлықлары болса, екинши тәрепинде базар қағыйдалары, тарифлер, қадағалаў ҳәм инвестиция механизмлери турыпты. Биринши бағдар энергетиканың материаллық тийкарын беккемлесе, екиншиси мине усы имканиятларды нәтийжели басқарыў ушын зәрүр орталықты қәлиплестиреди.

Соның ушын жаңа қуўатлықларды таңлаўда тек ғана олардың көлеми емес, электр энергиясының өзине түсер баҳасы, тармаққа жалғаныў имканияты, энергия сақлаў системалары менен үйлесимлилиги ҳәм улыўма энергия балансына тәсири тийкарғы өлшем болыўы белгиленгени бийкарға емес. Экономикалық нәтийжелилиги төмен, қаржыландырыў дәреги анық болмаған ямаса узақ ўақыттан берли кешигип атырған жойбарларды қайта көрип шығыў да усы талаптан келип шығады. Себеби энергетикада бир қарар он жыллар даўамында ресурслар ҳәрекетине тәсир етиўи мүмкин.

Қарақалпақстанда қайта тиклениўши энергия потенциалынан пайдаланып перспективалы самал электр станцияларын 1 гигаватт қуўатлылықтағы дата-орайлар менен байланыстырыў усынысы болса энергетика ҳәм санлы экономиканың қандай үйлесип атырғанын көрсетеди. Буның ушын жаңа 220 киловолтлы подстанция ҳәм электр жеткерип бериў тармақларын қурыў режелестирилмекте. Онда энергия жоқары технологиялы экономикалық жеделликти тартатуғын инфраструктура сыпатында көзге тасланбақта.

Бундай қатнас аймақлардың экономикалық турмысы ушын да әҳмийетли. Егер электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм оны узатыў имканияты кеңейсе, жаңа кәрханаларды жайластырыў, жоқары технологиялы инвестицияларды тартыў ҳәм өндирис шынжырларын кеңейтиў ушын шараят пайда болады. Энергетика инфраструктурасы усы тәризде экономикалық жеделликти әпиўайы тәмийинлеўши емес, ал оның аймақлық бөлистирилиўине тәсир етиўши факторға да айланады.

Аймақлар ҳәм тармақлар кесиминде энергия ресурсларына талапты анық прогнозлаў, усы тийкарда ҳәр жылы жаңаланатуғын үш жыллық инвестициялық режелерди қабыл етиў усынысы усы бир тутас қатнастың даўамы. Қайсы аймақта талап қанша болады, оған қандай генерация керек, электрди қайсы тармақ арқалы жеткерип бериў мүмкин — бул мәселелер бир-биринен бөлек емес, бирден-бир реже шеңберинде шешилиўи керек. Узақ мүддетте болса 2050-жылға шекем жанылғы-энергетика ресурслары менен тәмийинлеў концепциясын ислеп шығыў нәзерде тутылмақта. Онда демографиялық ҳәм экономикалық өсиў, миллий ресурс потенциалы, энергия нәтийжелилиги, қайта тикленетуғын ҳәм атом энергетикасын раўажландырыў және энергетикалық қәўипсизлик мәселелери бир пүтин ҳалда көрип шығылады.

Энергетикаға байланыслы бүгинги қарарлардың мазмунын да мине усы кең көринисте аңлаў мүмкин. Гәп тек ғана электр станциясын қурыў ямаса тармақ тартыў ҳаққында емес, мәмлекет экономикасының қалай өсетуғыны, жаңа кәрханалар қай жерде пайда болатуғыны, аймақлар қалай раўажланатуғыны, санлы технологиялар қаншелли кеңейиўи ҳәм халықтың турмысында қандай жаңа талаплар пайда болатуғыны менен байланыслы узақ мүддетли система ҳаққында бармақта.

Энергия көбинесе көзге көринбейди. Бирақ үйде свет жанғанда, заводта станок ислегенде, электромобил ҳәрекетке келгенде, сервер мағлыўмат узатқанда оның әҳмийети көринеди. Соның ушын, бүгин энергетикаға киргизилип атырған ҳәр бир инвестицияның нәтийжеси тек ғана мегаватт ямаса киловатт-саат пенен емес, ал ертең иске қосылатуғын кәрханалар, жаратылатуғын жумыс орынлары, енгизилетуғын технологиялар ҳәм инсан турмысында пайда болатуғын жаңа имканиятлар менен де өлшенеди.

Ертеңги экономика бүгиннен күш алады. Усы мәниде мәмлекеттиң өсип баратырған талаплары ушын зәрүр қуўатлылық ҳәм инфраструктураны алдыннан жаратыў және мине, усы системаны заманагөй басқарыў, базар ҳәм санлы механизмлер тийкарында жетилистириў дәўир талабы болып есапланады. Бүгин қурылып атырған объектлер, иске қосылып атырған кәрханалар ҳәм өзгерип атырған қалалар ертеңги Өзбекстанның келбетин белгилейди. Бул көринистиң қаншелли анық ҳәм турақлы болыўы болса көп жағынан бүгин қабыл етилип атырған қарарларға байланыслы. Узақты гөзлеп исленген ҳәр бир ис ертең артықша тәшўиштиң алдын алады. Халқымызда "Жети өлшеп, бир кес" деген нақыл бар. Энергетика сыяқлы үлкен тараўда да бул ҳикметтиң мәниси және де терең сезиледи.

Раўажланыўдың баҳасы санларға қарағанда адамлардың турмысында көринеди. Шаңарақтағы тынышлық, кәрханадағы үзликсиз мийнет, жаслар ушын жаңа имканиятлар ҳәм аймақлардағы жанланыў — ҳәммеси бир-бирине байланысқан шынжырдың ҳалқалары болып есапланады. Беккем шынжыр болса ҳәр бир сақийна өз орнында беккем болғанда ғана жаратылады. Бүгин энергетикада қәлиплесип атырған жаңаланыўлар мине усы беккемликке хызмет етиўи менен әҳмийетли.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы