Бул факт мәмлекетимизде тараў бойынша алдымызға қойған мақсетлерге қарай жедел қәдемлер менен баратырғанымызды билдиреди. Тараўда анық реже ҳәм стратегиялар тийкарында системалы жаңа баслама ҳәм жойбарлар турмысқа енгизилмекте.
"Санлы Өзбекстан – 2030", "Өзбекстан – 2030", "Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў" стратегияларында елимизди 2030-жылға шекем бул рейтингте дүньядағы ең алдынғы 50 мәмлекет қатарына киргизиў мақсет етилген. Сондай-ақ, жасалма интеллект тийкарында жаратылған программалық өним ҳәм хызметлердиң көлемин 1,5 миллиард долларға жеткериў, инфраструктураны кеңейтиў және 200 ден аслам жаңа жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Ҳәзирги ўақыттағы санлар бул мақсетлерге ерисиў ушын толық имканиятқа ийе екенимизден дәрек бермекте.
Сондай-ақ, бул бағдарда бир қатар раўажланған мәмлекетлер, ҳәр қыйлы халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесилип атырғаны тараўдың избе-из раўажланыўына хызмет етпекте. Алдынғы тәжирийбе ҳәм заманагөй қатнасларды үйрениў мәмлекетимизде жасалма интеллект тараўын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Соның ишинде, Өзбекстанның Жасалма интеллект тараўында бирге ислесиў бойынша Пүткил жер жүзилик шөлкем – WAICOға шөлкемлестириўши мәмлекетлерден бири сыпатында қосылыўы елимиздиң глобал AI жәмийетиндеги қатнасыўын және де кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар ашады.
Өзбекстанның Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги басламалары да тараўда регионаллық бирге ислесиўди күшейтиўге қаратылған. Усы жылдың 15-май күни болып өткен "Жасалма интеллект ҳәм санлы раўажланыў" темасындағы рәсмий емес саммитте мәмлекетимиз басшысы шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында жасалма интеллект бойынша стратегиялық бирге ислесиў тармағын қәлиплестириў зәрүр екенлигин атап өтти. "Санлы түркий коридор" концепциясын ислеп шығыў ҳәм Ташкентте технологиялар форумын өткериў усынысы болса бул бирге ислесиўди әмелий жойбарлар менен байытыўға хызмет етиўи мүмкин.
Өзбекстан тараўдағы ең алдыңғы мәмлекетлерден бири – АҚШ пенен биргеликте бир қатар жаңа баслама ҳәм жойбарларды турмысқа енгизбекте. Соның ишинде, жақында "Санлы ҳүкимет" дата орайында АҚШтың "NVIDIA" технологиялары тийкарындағы суперкомпьютер иске қосылды. Ол қуўаты бойынша дүнья рейтингинде 321-орынды ийеледи. Бир ай ишинде кластер жүклемесиниң 90 процентке жеткени мәмлекетимизде есаплаў қуўатлықларына талап жоқары екенин көрсетпекте. Ҳәзирги ўақытқа шекем мәмлекетимизде 24 миллион долларлық заманагөй есаплаў инфраструктурасы иске қосылған болса, келешекте бул жумысқа 70 миллион доллар қаратылады.
Сондай-ақ, ҳәр қыйлы аймақларда, мәселен, Қарақалпақстанда, Ферғана, Ташкент ҳәм Бухара ўәлаятларында ҳәр қыйлы сырт ел инвесторлары менен биргеликте дата орайлар қурылмақта.
Жаңа әлем
Жасалма интеллект экосистемасы раўажландырылмақта, деген сөзлерден пайдаланылғанда айырым адамлар енди Өзбекстанда да "ChatGPT", "Deepseek"ке уқсас бағдарламалар болады, деп ойлайды. Бирақ экосистема жаратыў тек бир программа ямаса технологияны ислеп шығыў дегени емес. Әлбетте, бундай бағдарламалар таярлаў да экосистеманың бир бөлеги, бирақ оны толық көрсете алмайды. Жасалма интеллект экосистемасын түсиниў ушын, дәслеп, экосистема өзи не екенлигин билиў зәрүр. Мәселеге экосистеманың тәбият низамлықларынан бири – азық шынжыры арқалы қарайық. Яғный азық шынжырында өсимлик, от-шөп жеўши ҳәм жыртқыш ҳайўанлар ҳәм тарқатыўшы микроорганизмлер және өсимликке айланады. Ҳәр бир буўын кейингиси ушын тырнақ тасы ўазыйпасын атқарады. Бирин-бири пайда етеди.
Мәмлекет көлеминдеги жасалма интеллект экосистемасы да сондай: күшли AI модели + толық санластырылған мәмлекет + санлы ID + API экосистемасы + төлем инфраструктурасы + киберқәўипсизлик тармақларының биргеликте раўажланыўы. Әпиўайы етип айтқанда, жасалма интеллект раўажланыўы ушын, бәринен бурын, мағлыўматлар санластырылыўы керек. Буның ушын ири көлемли мағлыўматларды сақлайтуғын серверлер, дата орайлар, оларды ҳәрекетлендириўши есаплаў системалары болыўы зәрүр. Усы көзқарастан қарағанда, экосистема жаратыў ушын ҳеш бир бағдарды итибардан шетте қалдырыў мүмкин емес.
Бүгин заманагөй дүньяда жаңа, "виртуал дүнья" қәлиплеспекте. Дүнья мәмлекетлери бул дүньяда өз орнына ийе болыў ушын бар күш-ғайратын жумсамақта. Себеби, "санлы экономика", "электрон ҳүкимет", "онлайн гиг экономикасы" сыяқлы түсиниклер бүгин мәмлекеттиң қай дәрежеде раўажланғанын билдиреди. Әсиресе, кейинги жылларда жасалма интеллекттиң ғалаба ен жайыўы бул процесстеги бәсекини және де күшейтти.
Хош, ҳәзирги ўақытта санластырыў, жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыўдың Өзбекстан экономикасындағы орны қаншелли кеңейип бармақта? Кейинги бес жылда тараўдағы жалпы қосымша қун орташа 24,8 процент өсип, бул көрсеткиш жалпы ишки өнимдеги өсиў пәтлеринен 3,5 есеге жоқары болған.
Жасалма интеллект ҳәм санластырыў бүгинги күнде тек ғана технологиялық жаңаланыў емес, ал экономика нәтийжелилиги, мәмлекетлик басқарыў сапасы, хызметлердиң қолайлығы, экспорт потенциалы ҳәм мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығын белгилейтуғын стратегиялық бағдар болып есапланады.
Жасалма интеллекттиң кең көлемли раўажланыўы тараўлардың қаншелли санластырылғанына байланыслы. Бул процеслер бир-бирин толықтырады ҳәм үзликсиз раўажланып барады.
Өзбекстанда бул бағдарда барлық тармақларда жедел реформалар алып барылмақта. Мәмлекетлик хызметлерди электрон тәртипте көрсетиў кеңеймекте. Денсаўлықты сақлаў, ишки ислер, жоқары билимлендириў, суд системасы ҳәм басқа да барлық тараўларда санластырыў процеси жедел алып барылмақта.
Глобалласыў ҳәм санлы трансформация дәўиринде инсаният турмысының дерлик барлық тараўлары интернет майданына көшпекте. Бурынғыдай қағаз ҳүжжетлер, гезеклер ҳәм есап-санақлардың орнын енди электрон системалар, санлы хызметлер ҳәм мобил қосымшалар ийеледи. Билимлендириў, төлемлер, ҳәттеки исбилерменлик жумысы да онлайн режимде жолға қойылмақта.
Бул процесс инсанларға қолайлық жаратыў менен бирге, экономика ушын үлкен имканиятлар есигин ашпақта. Тек ғана электрон төлем системалары, санлы банк хызметлери ҳәм электрон саўда платформалары экономикалық жеделликти арттырмақта. Нәтийжеде мәмлекетлик хызметлер пуқаралар ушын және де ашық-айдын ҳәм қолайлы формаға айланбақта.
Медицина тараўын алатуғын болсақ, "электрон нәўбет", "электрон рецепт" ҳәм басқа да бир қатар хызметлер жолға қойылды. Санластырыў нәтийжесинде система жумысы және де ашықласты.
Барлық тараўларда жасалма интеллекттиң қатнасын көбейтиўге де ҳәрекет етилмекте. Соның ишинде, денсаўлықты сақлаўда инсульт ҳәм көкирек бези ракын ерте анықлаў, медициналық тексериў процесслерин автоматикалық баянлаў, санлы медициналық жәрдем бағдарламаларын енгизиў, аўыл хожалығында егинлер өнимдарлығын болжаў, фитосанитариялық қәўип-қәтерлер бойынша фермерлердиң хабардарлығын тәмийинлеў, жайлаўлардың жағдайын мониторинг етиў, транспорт тараўында жол қапламалары ҳәм темир жол инфраструктурасын мониторинг етиў, айдаўшыны қәўипли жағдайлардан ескертиў, "ақыллы" транспорт системаларын раўажландырыў сыяқлы жойбарлар кеңейтилмекте. Банк системасы пуқаралар менен сөйлесиў, шахстың кредит тарийхын анықлаў хызметлеринде жасалма интеллекттен пайдаланбақта.
"Өзбекстан – 2030" стратегиясында электрон тәризде көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң үлесин 100 процентке жеткериў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди "3 қәдем", "пайдаланыўшы ушын бейимлестирилген", "бәри бир мобил қосымшада" принциплери тийкарында санластырыў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, "Санлы ҳүкимет" системасы арқалы барлық ҳүжжетлер ҳәм қатнасықлардың санлы түрде болыўын тәмийинлеў, пуқаралардың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын мүрәжат етиўинде арза жазыў, ҳәр қыйлы формаларды толтырыў сыяқлы артықша рәсмий тәртиплерди бийкар етиў, мәмлекетлик уйымлар зәрүр ҳүжжетлерди электрон базаның өзин алатуғын система жаратыў мақсет етилген.
Төртинши санаат революциясы
Халықаралық майданда жасалма интеллектке усындай сыпатлама бериледи. Ырасында да ол кирип бармаған тараў жоқ сыяқлы. Банк-қаржы, әдиллик, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ямаса басқа да қайсы бағдар болмасын жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланылса, өзиниң ең жоқары дәрежесин көрсетпекте.
Жасалма интеллект тек ғана тараўлар, мәмлекетлердиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтерип ғана қоймастан, ал өзи де жетилисип бармақта. Енди жасалма интеллект бағдарламалары тек ғана мәсләҳәт бериў менен шекленбеўи зәрүр. Олар буйрықларды орынлаўшы, яғный үлкен ҳәрекет модели (LAM) не айланыўы талап етилмекте. Буннан былай адамларға тек мәсләҳәт беретуғын чатботлар емес, олардың орнына жумысларын ислейтуғын технологиялар керек. Буның ушын болса жасалма интеллект экосистемасы жаратылған болыўы зәрүр.
Өзбекстан тараўдағы кең көлемли реформалары менен әйне усы мақсетке умтылмақта. Дүньяда бундай толық экосистемаға ийе мәмлекетти мысал келтириў қыйын. Себеби, жасалма интеллект технологияларын жаратыў бойынша жетекши мәмлекет – АҚШта да тармақлар толық санластырылғаны менен интеграцияланбаған. Сингапур, Эстония сыяқлы мәмлекетлер болса ең жетик орайласқан системаға ийе, тараўлар санластырылған, бирақ жасалма интеллект технологиялары жетик емес.
Улыўма алғанда, елимиздеги жасалма интеллект экосистемасын раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлер, жаңадан-жаңа жойбар ҳәм басламалар жаңа Өзбекстан жетик жасалма интеллект экосистемасына ийе болыўы ушын қойылып атырған әҳмийетли қәдемлер болып есапланады.
Санжар ЭШМУРОДОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы