Бул ҳаққында "Улыўма әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызмет ҳаққында"ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўге байланыслы нызам жойбарында нәзерде тутылмақта.

Бул нызам жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде биринши оқыўдағы додалаўлардан соң депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

Усыныс етилип атырған өзгерислер Қураллы Күшлер қатарында әскерий хызметти өтеўдиң абырайы ҳәм тартымлылығын арттырыў, маман әскерий кадрларды таярлаў және олардың потенциалынан нәтийжели пайдаланыўға қаратылған.

Сондай-ақ, жойбарда жоқары әскерий ҳәм сырт ел жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң ушыўшы қәнигелиги бойынша питкериўшилери менен жаңа контрактлар дүзиўдиң ҳуқықый тийкарларын белгилеў усыныс етилмекте.

Додалаўларда китапқумарлық таңлаўларында жоқары нәтийжелерге ерискен әскерий хызметкерлерди хошаметлеў, олар арасында китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын кеңнен үгит-нәсиятлаў, руўхый-интеллектуаллық потенциалын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Атап өтилиўинше, ушыўшы қәнигелердиң кәсиплик потенциалы ҳәм көп жыллық таярлығы және тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыў әскерий авиацияны раўажландырыў ҳәм Қураллы Күшлердиң профессионал потенциалын арттырыў имканиятын береди.