Майами университети Бизнес мектеби қәнигелериниң изертлеўлери соны көрсетеди: смартфондан сатып алыў адамларда өз таңлаўын жетерли дәрежеде терең ойлап таппағандай сезим пайда етиўи мүмкин. Әмелде олардың шешимлериниң сапасы компьютерден пайдаланғандағыдан зыят емес, деп жазады “vokrugsveta.ru”.
Изертлеўшилер мобиль сатып алыўлар конверциясындағы үзилисти үйренди: адамлар барған сайын көбирек товарларды излейди ҳәм смартфонлардағы усынысларды салыстырады, бирақ бул қурылмалардан сатып алыўды кемирек жуўмақлайды. Буның себебин анықлаў ушын илимпазлар дәслепки изертлеўди, тоғыз тәжирийбени өткерди, сатыўлар ҳаққындағы ҳақыйқый мағлыўматларды таллады ҳәм дала тәжирийбесин шөлкемлестирди.
Мәлим болыўынша, смартфон пайдаланыўшылары өзлериниң шешимлериниң сапасына көбирек гүман етеди. Олар товарды компьютерден сатып алыўға қарағанда жаманырақ таңлаўды күтеди, бирақ экспериментлер буның керисин көрсетти: товарларды баҳалаў бойынша тапсырмаларды бирдей жақсы орынлайды.
Изертлеўшилер буны әдетлер менен түсиндиреди. Киши экран характеристикаларды салыстырыў ушын қолайлы емес сыпатланыўы мүмкин, қурылмалардың өзи болса ҳәр қыйлы ассоциацияларды келтирип шығарады: компьютерлер көбинесе жумыс ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар менен, смартфонлар болса кеўил ашар ҳәм жолдағы қысқа жумыслар менен байланыстырады. Нәтийжеде адамда таңлаўға жетерли итибар бермегенлик сезими пайда болады.
Бундай гүман сатып алыўшыны сатып алыўды кешиктириўге, компьютерге өтиўге ямаса товардан пүткиллей ўаз кешиўге мәжбүр етиўи мүмкин. Бунда көп ойланыўды талап етпейтуғын әдеттеги ҳәм күнделикли сатып алыўлар ҳаққында сөз болғанда нәтийже әззи болады.
Қарыйдарлардың шешилиўине қалай жәрдем бериў мүмкин?
Илимпазлар қарыйдарлардың қәўетерин азайтыў мүмкин бе екенлигин тексерип көрди. Бир тәжирийбеде олар дүкан хабарнамасына жазылыў рекламасына "Ойлаў керек емес!" деген сөзди қосып қойды. Смартфон пайдаланыўшылары "Подписка" бетине шама менен 44% ке көбирек өте баслады. Компьютер ийелерине бул формулировка тәсир етпеген.
Басқа бир тәжирийбе көрсетти: саўғалар интернет дүканында смартфон ҳәм компьютерлерден сатып алыўлар саны ортасындағы парық клиентлерге саўғаны жеке өзи таңлаў хызмети усынылғанда ярымынан көбирек қысқарған.
Изертлеў авторларының пикиринше, дүканлар ушын сайттың мобиль версиясын тез ҳәм қолайлы етиў жетерли емес. Сондай-ақ, сатып алыўшыларға товарларды түсиникли салыстырыў, қысқаша сыпатламалар ҳәм вариантларды баҳалаў қураллары жәрдем береди.
Ал, тутыныўшылардың өзлерине болса илимпазлар қарар жетерли дәрежеде ойлап алынбаған сыяқлы сезимди таңлаўдың ҳақыйқый сапасы менен алжастырмаўды мәсләҳәт береди. Гейде барлығын дурыс ислеген болсақ та, смартфон бизди өзимизге гүман менен қараўға мәжбүрлейди.