Жойбар Уллы жипек жолы бойында жайласқан мәмлекетлердиң тарийхый-мәдений мийрасын, тәбийғый дыққатқа ылайық орынларын ҳәм туристлик потенциалын ғалаба ен жайдырыўға қаратылған.

30-июль күни авторалли қатнасыўшылары Қарақалпақстан Республикасы аймағына "Бейнеў (Қазақстан) - Жаслық (Даўыт-ата) - Нөкис" жөнелиси бойынша кирип келди.

Шөлкемлестириўшилердиң атап өтиўинше, халықаралық автораллидиң өткерилиўи Қарақалпақстанның туризм потенциалын дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаўға, экологиялық ҳәм автомобиль туризмин раўажландырыўға, сондай-ақ, регионның саяхат ушын тартымлы бағдар сыпатында унамлы имиджин беккемлеўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан қатнасыўшыларды өзине тән тәбийғый ландшафтлары, бай тарийхый-мәдений мийрасы ҳәм заманагөй туризм инфраструктурасы менен күтип алады.