Жойбар Уллы жипек жолы бойында жайласқан мәмлекетлердиң тарийхый-мәдений
мийрасын, тәбийғый дыққатқа ылайық орынларын ҳәм туристлик потенциалын ғалаба
ен жайдырыўға қаратылған.
30-июль күни авторалли қатнасыўшылары Қарақалпақстан Республикасы
аймағына "Бейнеў (Қазақстан) - Жаслық (Даўыт-ата) - Нөкис" жөнелиси
бойынша кирип келди.
Шөлкемлестириўшилердиң
атап өтиўинше, халықаралық автораллидиң өткерилиўи Қарақалпақстанның туризм
потенциалын дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаўға, экологиялық ҳәм автомобиль
туризмин раўажландырыўға, сондай-ақ, регионның саяхат ушын тартымлы бағдар
сыпатында унамлы имиджин беккемлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан
қатнасыўшыларды өзине тән тәбийғый ландшафтлары, бай тарийхый-мәдений мийрасы
ҳәм заманагөй туризм инфраструктурасы менен күтип алады.