Белгияның Льеж халықаралық аэропортынан ушқан самолёт жергиликли ўақыт
пенен 03:13 те Әндижанға келип қонды. Самолёт Германиядан алып келинген, улыўма
салмағы 83,3 тонна болған 160 бас нәсилли қарамал - симментал ҳәм голштин
нәсилли сыйырларды алып келди.
Симментал нәсилинде сүт ҳәм гөш бағдарында универсаллық ҳәм жоқары
өнимдарлық, голштин нәсилинде болса дүньядағы ең жоқары өнимдарлы сүт нәсиллеринен
бири болып есапланады.
Ҳайўанларды
жүктен түсириў, ветеринариялық қадағалаўдан өткериў ҳәм арнаўлы автотранспортқа
жүклеў жумыслары әмелдеги ветеринариялық талаплар ҳәм биологиялық қәўипсизлик
талапларына қатаң әмел еткен ҳалда оператив түрде әмелге асырылды.
“Uzbekistan
Airports” ҳәм Андижан халықаралық аэропортының қәнигелери халықаралық
стандартларға муўапық жүкти қабыл етиў ҳәм қайта ислеўди тәмийинлеп,
ҳайўанлардың ҳаўа кемесинен қәўипсиз түсиўин ҳәм кейин ала мөлшерленген
мәнзилге жиберилиўин шөлкемлестирди.
“Boeing 747-400F”
жүк самолётының табыслы қабыл етилиўи Әндижан халықаралық аэропортының ири
көлемли ҳәм арнаўлы жүклерге, соның ишинде, тири ҳайўанларға халықаралық сапа
ҳәм қәўипсизлик стандартларына әмел еткен ҳалда хызмет көрсетиў потенциалы
артып баратырғанын тастыйықлайды.